23.12.2024, Дүйшемби

МИЗДАКХАН

АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ-АРХИТЕКТУРАЛЫҚ КОМПЛЕКСИ

Б.э.ш. IV – б.э. XIV ə.


ӘЙЙЕМИГИ  МИЗДАКХАН АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ-АРХИТЕКТУРАЛЫҚ КОМПЛЕКСИНИҢ КӨЛЕМИ 200 ГЕКТАРДАН АРТЫҚ БОЛЫП, ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ АЙМАҒЫНДА, ХОЖЕЛИ-ГӨНЕ ҮРГЕНИШ (ТУРКМЕНСТАН) АВТОМОБИЛ ЖОЛЫНЫҢ БОЙЫНДА ЖАЙЛАСҚАН. ОНЫҢ ТИЙКАРҒЫ БӨЛИМЛЕРИ ХОЖЕЛИ ҚАЛАСЫНЫҢ ҚУБЛА-БАТЫСЫНДАҒЫ ҮШ ТӨБЕШИКТЕ ЖАЙЛАСҚАН БОЛЫП, КОМПЛЕКС КУРАМЫНА ГӘЎИР-ҚАЛА ҚОРҒАНЫ, ШАМУН-НАБИ, МАЗЛУМХАН СУЛЫЎ, ХАЛИФА ЕРЕЖЕП МАВЗОЛЕЙЛЕРИ ҲӘМ Т.Б. ЕСТЕЛИКЛЕР КИРЕДИ. АРХЕОЛОГИЯЛЫҚ ҚАЗЫЎ ЖУМЫСЛАРЫ ДАЎАМЫНДА СИЙРЕК УШЫРАСАТУҒЫН ОССУАР КОЙЫМШЫЛЫҚЛАР, ТЕҢГЕЛЕР, ҲӘР ТҮРЛИ РУЎЗЫГЕРШИЛИК БУЙЫМЛАРЫ, ШИЙШЕ, ҮЛКЕН ШЕБЕРЛИК ПЕНЕН ИСЛЕНГЕН АЛТЫН БУЙЫМЛАР ТАБЫЛДЫ.