Соңғы ўақытларда айырым районларда өзлерин «аймақлық мийирбийкемиз» деп таныстырып жүрген алдаўшылар ушырап турыпты. Олар өзлери таярлаған санитариялық дәптерлерди үй ийелерине алдаўшылық жолы менен «мәжбүрий» деп 10 000 сумнан сатпақта. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабарландырыў жәриялады.
Мәлим болыўынша, санитариялық дәптерлер бойынша жоқары уйым ямаса министрлик тәрепинен бундай көрсетпе ямаса буйрық болмаған, аймақлық мийирбийкелер санитариялық дәптерлерди сатпайды.
«Сонлықтан, егер де усындай жағдайға гезлессеңиз, дәрҳал оны сүўретке түсирип ҳәм телефонын алыўыңызды, аймақлық шыпакер ямаса шаңарақлық поликлиника менен байланысып анықлық киргизиўиңизди, яки болмаса ишки ислер бөлимине хабар бериўиңизди соранамыз», – деп жазылған министрлик хабарландырыўында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.