Усы жыл 18-20-март күнлери аралағында Самарқанд ўәлаятында спорттың самбо гүреси бойынша 2001-2002-жыллары туўылған жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Чемптионатқа 400 ден аслам спортшылар қатнасып, онда республикамыздан 20 дан аслам спортшылары табыслы қатнасты.
– Районымыздағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спортшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Усындай жетискенликке ерисиўимде теренерим Байрамбай Досбергеновтың мийнетлери айрықша. Чемпионатта бириншиликти ийелеўге миясар болдым. Енди Азия чемпионатына қызғын таярлық көрип, жоқары нәтийжелерге ерисемен, – дейди Нөкис районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы, Өзбекстан чемпионы Индира Елмуратова.
Чемпиоантта Ерназар Сәрсенбаев (88кг салмақта), Азада Аймуратова (59 кг салмақта), Индира Елмуратова (65 кг салмақта) бириншиликти ийелеп, Өзбекстан чемпионы болған болса, Камила Төлегенова (80 кг салмақта) екинши, Айнура Қуўанышбаева (50 кг салмақта) ҳәм Гүлшырай Исмайловалар үшинши орынды ийеледи.
Чемпионаттың биринши ҳәм екинши орын жеңимпазлары усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын Азия чемпионатына қатнасатуғын жолламаны қолға киргизди.