23.12.2024, Дүйшемби

ҲӘРЕКЕТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ АЙЛЫҒЫ БАСЛАНДЫ

Усы жылдың 13-март күнинен 13-апрель күнлери аралығында республикамыз  аймағында  «Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы» өткерилмекте.

Бул ҳаққында  Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының Баспасөз хызмети хабар бермекте.

«Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы» даўамында –  жол транспорт ҳәдийселериниң алын алыў, қопал қағыйда бузыўшыларды анықлаў, автотранспорт қуралларын мәс ҳалында басқарғанлар және пияда, велосипедшилер тәрепинен қағыйда бузыўлар исленсе  нызам тийкарында  шаралар көриў, сондай-ақ,  жол транспорт ҳәдийселериниң көпшилиги  жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы «Дамас»  маркалы автотранспорт қураллары  тәрепинен келип шыққанлығын есапқа алып,  Транспорт министирлиги хызметкерлери менен биргеликте күшейтилген тәртипте рейдлер өткериў, күнлик хызметке шығыўдан алдын  автотранспорттың техникалық жақтан  сазлығын көзден өткериў нәзерде тутылған.


Айлық шеңберинде ислеп шығарылғанына 20 жылдан асқан автотранспорт қуралларын Жол патрул хызмети инспекторлары  тәрепинен  техникалық насазлығы көринип турған автомашиналардың ҳәрекетлениўине шек қойып, аўыр жүк тасыўшы автотранспорт қураллары айдаўшылары тәрепинен жүз берип атырған жол транспорт ҳәдийселерин  көпшилигин  айдаўшылық тәжрийбеге ийе болмастан  басқарғанлығы себепли көплеген жол транспорт ҳәдийселери келип шықпақта, сол себептен   оқыў орынлары менен биргеликте  оқыў курсларын шөлкемлестириўге итибар қаратылған.

 «Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы» даўамында ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет тармақларынан кеңнен пайдаланыў арқалы  жол транспорт ҳәдийселериниң  алдын алыўға ҳәрекет етиледи.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги