23.12.2024, Дүйшемби

ИНСПЕКЦИЯ ЖУМЫСЛАРЫ ТУЎРАЛЫ МАFЛЫЎМАТЛАР БЕРИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы өткерилди.

Конференцияда атап өтилгениндей, елимизде соңғы жылларда өсимликлер  карантини тараўын жаңа басқышқа көтериў, тараўда илим жаңалықларынан, халықаралық әмелият ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлери экспортының көлемин ҳәм географиясын кеңейтиў, оларды жетистириў ҳәм таярлаў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў  мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.


Атап айтқанда, Өзбекстан  Республикасы  Президентиниң  2020-жыл 13-октябрьдеги «Өсимликлер карантини  бойынша мәмлекетлик хызметлердиң жумысларын  буннан былай да жетилистириў  илажлары  ҳаққында»ғы   қарары  қабыл  етилди. Усы қарарға  муўапық, ҳәзирги күнде «атыздан экспортқа шекем» шынжырының нәтийжели жумыс ислеўин шөлкемлестириў ҳәм өнимлерди импортёр мәмлекетлердиң карантин талапларына муўапықластырыў мақсетинде 2020-жыл 1-ноябрден баслап экспорт ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, таярлаў ҳәм комплектлеў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине тийисли мәсләҳәтлер ҳәм әмелий жәрдем бериў жолға қойылды. Усы мақсетте  республикамыздың  қала ҳәм районларына өсимликлер карантини агроном-инспекторлары бириктирилди.

– Республикамыздың қала ҳәм район аймақларындағы барлық атызлар, бағлар ҳәм үй  алды қыйтақ жерлеринде карантин бақлаў илажлары алып барылыўы нәтийжесинде, агроном-инспекторлар тәрепинен «атыздан экспортқа шекем» ишки фитосанитариялық сертификатын бериў системасы жолға қойылды,-дейди  инспекция баслығының орынбасары, бас агроном Д.Үббиниязов. – «e-Fitouz» электрон базасында атыздан экспорқа шекемги  болған шынжырды қамтып алыўшы система жаратылды ҳәм иске түсирилди.

Усы кунге шекем 31 өсимликлер клиникасы, 30 биолаборатория  ҳәм  8 қадақлаў цехлары шөлкемлестирилген болса, алдағы ўақытлары да усы  қарарға муўапық 7 қадақлаў цехы, 7 өсимликлер клиникасы ҳәм 30 биолабораториялардың ашылыўы режелестирилген.


Сондай-ақ, республика аймағында сырт мәмлекетлерден өнимди алып кирген транспорт қураллары (самолётлар, темир жол  вагонлары ҳәм  контейнерлери, жүк автомашиналары)ның жүк бөлмелерин карантин тексериўинен өткериў ҳәм «детектор — хызмет ийт»леринен пайдаланыў және зәрүр жағдайларда фумигациялаў (зыянсызландырыў) системасы  енгизиледи.

Ҳәзирги ўақытта  республикамыз бойынша улыўма 3 167 869 гектар жер аўыл хожалығында пайдаланылмақта. Соның 7292 гектары бағлар, 3494 гектары жүзимгершиликлер, 62,5 гектары ыссыханалар, 19150 гектары палыз  ҳәм овощъ өнимлери, 265154 гектары тоғайлықлар, 788089 гектары шөл жайлаў зоналары, ал 351985 гектары басқа жерлерден  ибарат.

Жәми 18 ыссыхана болып, оның 45,5 гектарында помидор, 1 гектарында болгар бурышы, 13 гектарында қыяр, 3 гектарында лимон өнимлери  жетистирилмекте.


Усы аўыл хожалығы өнимлерин зыянлы организмлерден қорғаў, олардың сапасына кери тәсир етиўши карантин объектлери менен зыянланыўының алдын алыў илажлары Қарақалпақстан  Республикасы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында тийкарынан карантин  объектлеринен комсток қурты зыянкеси, сары  шөп ҳәм кекире жабайы шөби ушырасады. Бул зыянлы организмлердиң аўыл хожалығы өнимлерин  зыянлаўының  ҳәм олардың басқа  мәмлекетлерге  тарқалыўының алдын алыў  бойынша карантин илажлары күшейтилмекте ҳәм зыянсызландырыў (фумигация) илажлары  белгиленген  тәртипте  алып барылмақта…

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар инспекция тәрепинен берилген көрсетпелер ҳәм усыныслар, оны орынламағанларға көрилип атырған илажлар, карантин астына кириўши өсимликлердиң түрлери ҳәм басқа да өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бирге ислесиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги