30.10.2024, Сәршемби

Қарақалпақстанда биринши гезекте кимлер коронавирусқа қарсы шаншылады?

Республикамыз аймағында коронавирус инфекциясына қарсы кеселликтиң жуғыў қәўпи жоқары, кеселликтиң кешиўи аўыр болыўына байланыслы профилактикалық шаншыў өткериў тәртиби қабыл етилген ҳәм усы тәртип тийкарында биринши нәўбетте 85 жастан жоқары, 75-84 жас, 65-74 жас, яғный кексе жастағы адамлар шаншылыўы белгиленген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасы хабар берди.

 

Вакциналар +2 +8оС температурада сақланады. Ҳәзирги күнде вакцинаны сақлаў ушын ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен таза үскенелер менен жетерли тәмийинленген. Вакциналар барлық аймақларға тең бөлистирилип, арнаўлы суўытыўшы автомашиналарда жеткерилип берилиўи жобаластырылмақта.

Республикамызда коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Санитариялық қағыйдалары ҳәм нормалары тийкарында өткериледи.

Еслетип өтемиз, буннан алдын республикамызға 32 000 доза «Astra Zeneca» вакцинасы, 32000 дана бир мәртелик шприц ҳәм 325 дана қәўипсиз жоқ етиў қутылары алып келингени ҳаққында хабар берген едик.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.