«COVID-19» инфекциясының халық арасында кең тарқалыўының
алдын алыў, республикада коронавирус инфекциясына қарсы миллий шаншыў күнлерин
сапалы өткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў
министрлигиниң бөлистириўи тийкарында республикамызға 32 000 доза «Astra
Zeneca» вакцинасы, 32000 дана бир мәртелик шприц ҳәм 325 дана қәўипсиз жоқ етиў
қутылары алып келинди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы
Санитариялық-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасы
хабар берди.
Бул вакциналар сақлаў ушын басқарма жанындағы вакцина сақлаў
қоймаханасына қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги