Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан базарлар ҳәм саўда комплекслериниң басқармалары тәрепинен өндирип алынатуғын бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлердиң ең кем муғдарларын белгилеў ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010-жыл 26-апрельдеги «Дийхан базарлары ҳәм саўда комплекслери жумысларын шөлкемлестириўди және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-1326-санлы қарарының 4-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан базарлар ҳәм саўда комплекслери тәрепинен өндирип алынатуғын бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын
өндирилетуғын төлемлердиң ең
кем муғдарларын белгилеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар
етеди:
1.
Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм «Қарақалпақ
дийхан базарлары» республикалық бирлеспеси усынысларын ҳәмде коронавирус
пандемиясының даўам етип атырғанлығын инабатқа алып:
Қарақалпақстан Республикасы
аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслери администрациясы тәрепинен өндирилетуғын
бир мәртелик жыйым муғдарлары 1-қосымшаға
муўапық;
Қарақалпақстан
Республикасы аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслери аймағындағы ҳәмде
оларға тутас болған аймақларда бина, имаратлар ҳәм инвентарларды ижараға бериў
ҳәм көрсетилген хызметлер ушын өндирилетуғын
төлемлердиң муғдарлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
2. Нөкис
қаласы ҳәм районлар ҳәкимлери Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық
басқармасы (Х.Бекчанов), «Қарақалпақ дийхан базарлары» республикалық бирлеспеси
менен биргеликте:
базарлар ҳәм
саўда комплекслеринен өндирилетуғын бир мәртелик жыйымлар, көрсетилетуғын
хызметлер ҳәм ижара төлемлерин белгиленген тәртипте өндирилиўин;
усы қарар менен белгиленген
бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм көрсетилетуғын хызметлер ушын
өндирилетуғын төлемлер муғдарын Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы базарлар
ҳәм саўда комплекслерине жеткерилиўин, сатыўшы ҳәм қарыйдарларға көринетуғын
орынларға жайластырылыўын ҳәмде орнатылыўын тәмийинлесин.
3. Қарақалпақстан
Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы (Х.Бекчанов) базарлар ҳәм саўда
комплекслери администрациясы тәрепинен бир мәртелик жыйымлар, ижара төлеми ҳәм
көрсетилетуғын хызметлер ушын өндирилетуғын төлемлерди көбейтиў есесине
түсетуғын дәрәматларынан Өзбекстан Республикасының Салық кодексинде белгиленген
тәртипте салық төлемлери өндирилиўи тәмийинлесин.
4. Усы қарардың 2-қосымшасына
муўапық, улыўма ийелеген жер майданы 100 кв. метрден артық болған объектлерди
сақлаў бойынша көрсетилетуғын хызметлер объекттиң пайдаланылып атырған
майданынан келип шыққан ҳалда өндирилиўи белгиленсин (базар аймағынан сыртта
жайласқан объектлер буған кирмейди).
5. Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл
2-мартдағы 66-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
6. Усы қарар “Еркин
Каракалпакстан”, «Вести Каракалпакстан» газеталарында рәсмий жәриялансын ҳәмде Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң вэб-сайтына жайластырылсын ҳәм рәсмий
жәрияланған күннен баслап күшке кириўи белгиленсин.
7. Усы қарардың
орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши
орынбасары Н.Ерлепесовқа жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы |
Қ.Сариев |
|
|||||||||
Қарақалпақстан
Республикасы аймағындағы базарлар ҳәм саўда комплекслери администрациясы тәрепинен
бир күнге сатыўшылардан алынатуғын бир мәртелик жыйым муғдарлары |
|||||||||
№ |
Өним
түри |
Өлшем
бирлиги |
2021-жыл |
||||||
Нөкис
қаласы ушын |
Төрткүл,
Хожели, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Қонырат, Шымбай районлары ушын |
Қегейли,
Қараөзек, Тахтакөпир, Тақыятас, ҳәм Нөкис районлары ушын |
Бозатаў,
Шоманай, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ушын |
||||||
I. |
Өнимлерди бастырма астындағы саўда
орынларында сатыў |
|
|
|
|
|
|||
1 |
Мийуелер: алма, анар, алмурт, шабдал, ерик, әнжир, жүзим, алча,
шийе, қулпынай, малина ҳ.т.б. |
1
орын/ күнге |
5000 |
4500 |
3500 |
3000 |
|||
|
Цитрус, тропиқ мийуелер: апельсин, мандарин, лимон, банан, ананас, киви ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
9500 |
8500 |
6500 |
5000 |
|||
|
Қурғақ мийуелер (писте, бадам, ерик, шаӊғалақ, кишмиш, шор дәнек ҳ.т.б.) |
1
орын күнге |
10000 |
9000 |
7500 |
6000 |
|||
2 |
Овощлар: Картошка, пияз, гешир, чеснок, ләблеби, түрип, болгар
бурышы, баклажан, патиссон, помидор, қыяр ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
5000 |
4500 |
4000 |
3500 |
|||
3 |
Палыз өнимлери: жамбылша, қаўын, ғарбыз, қабақ ҳ.т.б. (ҳәр 6 кв.м. орын
ушын) |
1
орын күнге |
10500 |
9500 |
8000 |
7000 |
|||
4 |
Дән өнимлери: гүриш, күнгебағар, бийдай, тары, қолдан тартылған ун,
жарма ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
6000 |
5500 |
5000 |
4500 |
|||
5 |
Собылықлы өнимлер: мәш, ловия, горох ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
5500 |
5000 |
4500 |
4000 |
|||
6 |
Сүт ҳәм сүт өнимлери (сүт, қатық), қаймақ, сметана ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
4500 |
4000 |
3500 |
3000 |
|||
7 |
Дузланған өнимлер (помидор, қыяр, капуста, корейс салатлары, үйде таярланған
консервация ҳ.т.б.) |
1
орын күнге |
6000 |
5000 |
4500 |
4000 |
|||
8 |
Зире (зире, бурыш, қалампыр ҳ.т.б.)
ҳәмде пал |
1
орын күнге |
5500 |
5000 |
4500 |
4000 |
|||
9 |
Көк өнимлери (укроп, көк пияз,
редиска, петрушка ҳ.т.б.); |
1
орын күнге |
5000 |
4500 |
4000 |
3500 |
|||
10 |
Мәйек |
1
орын күнге |
6000 |
5500 |
4500 |
4000 |
|||
11 |
Нәллер ҳәм гүллер: терек, алма, бехи, шийе, алмурт, гүл ҳ.т.б. (ҳәр 6 кв.м.орын
ушын) |
1
орын күнге |
6000 |
5500 |
5000 |
4500 |
|||
12 |
Нан ҳәм нан өнимлери: шөрек нан, майлы пәтир ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
5500 |
5000 |
4000 |
3500 |
|||
13 |
Үйде таярланған консерваланған өнимлер,
аспазлық өнимлери ҳәм үй шараятында таярланған кондитер өнимлер |
1
орын күнге |
6500 |
6000 |
5500 |
5000 |
|||
14 |
Санаат жолы менен ислеп шығарылған
азық аўқат өнимлери ҳәм салқын ишимликлер |
1
орын күнге |
10000 |
9500 |
8000 |
7500 |
|||
15 |
Миллий аўқатларды сатыў |
1
орын күнге |
10000 |
9000 |
8500 |
7500 |
|||
16 |
Полиэтилен ҳәм қағаз пакетлерин
сатыў |
1
орын күнге |
5500 |
4500 |
4000 |
3500 |
|||
17 |
Сипселер |
1
орын күнге |
4500 |
4000 |
3500 |
3000 |
|||
18 |
Тири балық ҳәм балық өнимлери |
1
орын күнге |
11000 |
10500 |
10000 |
8000 |
|||
19 |
Халық дөретиўшилиги, халық өнерментшилиги
ҳәм қол өнерментшилиги (1 кв.мертге шекем) |
1
орын күнге |
4000 |
3500 |
3000 |
2500 |
|||
II. |
Гөш өнимлери: мал, қой, шошқа, таўық гөши баўыр, қуйрық май ҳ.т.б. |
1
орын күнге |
10000 |
9000 |
8000 |
7500 |
|||
III. |
Өнимлерди автомашиналардан сатыў: |
|
|
|
|
|
|||
|
жеӊил автомашиналарда сатыў |
1
машина күнге |
10000 |
9500 |
9000 |
7500 |
|||
|
жүк автомашиналарда сатыў |
1
машина күнге |
17000 |
15000 |
12000 |
11000 |
|||
|
тиркемели, ярым тиркемели жүк автомашиналары
ҳәм автопоездлардан сатыў |
1
орын күнге |
18500 |
16000 |
14500 |
11500 |
|||
|
өнимлерди жерде сатыў (саўда
прилавкаларынан тысқарыда, арнаўлы ажратылған орынларда) (6 кв метрге шекем) |
1
машина күнге |
8000 |
7000 |
6000 |
5000 |
|||
IV. |
Үй ҳайўанлары ушын жем (ҳәр бир тиркеме ямаса жүк автомашинасы ушын): шрот,
шелуха, пишен, сабан, мәкке жүўери ҳ.т.б. |
1
машина күнге |
12500 |
11500 |
10000 |
9000 |
|||
V. |
Қурылыс материалларын сатыў: |
|
|
|
|
|
|||
|
базарлар ҳәм саўда комплекслери тәрепинен
арнаўлы ажратылған орынларда аўыр ҳәм үлкен өлшемдеги қурылыс материалларын
сатыў: |
|
|
|
|
|
|||
|
6 кв.метрге шекем |
1
орын күнге |
7000 |
6500 |
6000 |
5000 |
|||
|
6 дан - 15 кв.метрге шекем |
1
орын күнге |
10000 |
9000 |
7500 |
7000 |
|||
|
15 тен - 30 кв.метрге шекем |
1
орын күнге |
12500 |
12000 |
10500 |
9000 |
|||
|
Кишкене өлшемдеги қурылыс
материаллары (майда өлшемли), сантехника, жақтыландырыў үскенелерин (люстра,
светильниклер ҳәм т.б.) сатыў (6 кв.метрге шекем) |
1
орын күнге |
7000 |
6500 |
5500 |
4500 |
|||
VI |
Илгери пайдаланыўда болған
буйымлар ҳәм аўсық бөлеклерди сатыў: |
|
|
|
|
|
|||
|
ески түрдеги автомобил аўысық бөлеклерин
сатыў |
1
орын күнге |
7000 |
6000 |
5500 |
5500 |
|||
|
ески түрдеги үй-хожалық буйымлары,
пайдаланылған кийим-кеншеклерди сатыў (ҳәр бир кв.метр ушын) |
1
орын күнге |
4000 |
3500 |
3500 |
3000 |
|||
VII. |
Автотранспорт қуралларын сатыў: |
|
|
|
|
|
|||
|
жеӊил автомашиналар ҳәм микроавтобуслар
|
1
орын күнге |
15000 |
14500 |
12000 |
11500 |
|||
|
жүк автомашиналары, автобуслар ҳәм
басқа жүк көтериўши транспортлар ҳәмде тракторлар |
1
орын күнге |
16000 |
15000 |
13500 |
13000 |
|||
|
мотоцикл, мотороллер ҳәм
мопедлар |
1
орын күнге |
5000 |
5000 |
5000 |
5000 |
|||
|
Велосипедлар |
1
орын күнге |
4000 |
4000 |
4000 |
4000 |
|||
VIII. |
Мал базарына алып келетуғын ҳәр
бир шарўа маллары ушын |
|
|
|
|
|
|||
|
Ат, тай, түйе |
1 бас күнге |
12000 |
11000 |
9500 |
8000 |
|||
|
бота, ешек |
1 бас күнге |
7000 |
7000 |
7000 |
5500 |
|||
|
Ири шақлы қара мал (соннан сыйыр бузаўы менен) |
1 бас күнге |
12500 |
12000 |
11500 |
9500 |
|||
|
Бузаў |
1 бас күнге |
8000 |
7000 |
7000 |
6500 |
|||
|
қой, ешки (қой қозысы менен, ешки
ылағы менен) |
1 бас күнге |
7000 |
7000 |
6500 |
5500 |
|||
|
Қозы, ылақ |
1 бас күнге |
4000 |
4000 |
4000 |
3500 |
|||
|
Шошқа ҳәм шошқа баласы |
1 бас күнге |
6500 |
5500 |
5000 |
4500 |
|||
IX. |
Үй қуслары түйе таўық, таўық, үйрек, ғаз |
бес бас күнге |
2500 |
2500 |
2000 |
2000 |
|||
|
түйе таўық, таўық, үйрек, ғаз шөжелери |
бес бас күнге |
2500 |
2500 |
2000 |
2000 |
|||
X. |
ийтлер ҳәм пышықлар |
1
орын күнге |
5000 |
5000 |
4500 |
4000 |
|||
XI. |
декоратив қуслар ҳәм балықлар |
1
орын күнге |
5500 |
5000 |
4500 |
4000 |
|||
XII. |
Ийт ҳәм пышықлар, декоратив қус ҳәм
балықлар ушын аўқатлары ҳәмде тийисли аксесуарлар ҳәм буйымлар |
1
орын күнге |
2500 |
2500 |
2000 |
2000 |
|||
XIII. |
Аяқ кийим оӊлаў хызмети |
1
орын күнге |
4500 |
4000 |
4000 |
3500 |
|||
XIV. |
Басқа товарларды сатыў (аралас
затлар) |
1
орын күнге |
11000 |
10000 |
8000 |
7000 |
|||
|
Басқа товарлар, хожалық буйымларын сатыў (шампунь,
порошок, сабын х.т.б) |
1
орын күнге |
11000 |
10000 |
8000 |
7000 |
|||
|
№ |
Көрсетилетуғын
хызметлер түри |
Өлшем
бирлиги |
2021-жыл |
||||
Нөкис
қаласы ушын |
Төрткүл,
Хожели, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Қоӊырат, Шымбай районлары ушын |
Кегейли,
Қараөзек, Тахтакөпир, Тақыятас, ҳәм Нөкис районлары ушын |
Бозатаў,
Шоманай, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ушын |
||||
1 |
Базарлар ҳәм саўда комплекслери
балансындағы имарат ҳәм қурылмалардан пайдаланғанлығы ушын ижара төлем |
|
|
|
|
|
|
|
Азық-аўқат емес өнимлерди сатыў |
1
кв.м./ айына ушын |
31000 |
30
000 |
21
000 |
17
000 |
|
|
Азық-аўқат өнимлерин сатыў |
1
кв.м./ айына ушын |
31000 |
30
000 |
20500 |
16500 |
|
|
Улыўма аўқатланыў |
1
кв.м./ айына ушын |
32000 |
27000 |
20000 |
16000 |
|
|
Турмыс жағынан хызмет көрсетиў |
1
кв.м./ айына ушын |
20000 |
18000 |
15000 |
13000 |
|
|
Басқа түрлер (амбархана, офис, дәрихана, пайнет ҳ.т.б.) |
1
кв.м./ айына ушын |
20000 |
18000 |
15500 |
14000 |
|
2 |
Инвентарларды ижараға бериў: |
|
|
|
|
|
|
2.1. |
Тас-тәрезилер ушын |
1
күнге |
3000 |
2500 |
2500 |
2500 |
|
2.2. |
Үлкен жүк өлшеў тәрезилери ушын: |
|
|
|
|
|
|
|
150 кг.ға шекем өлшейтуғын |
1
күнге |
3500 |
3000 |
3000 |
2500 |
|
|
150 кг.дан 1500 кг.ға шекем өлшейтуғын |
1
күнге |
10000 |
9500 |
8000 |
7500 |
|
2.3. |
Саўда инвентарлары ушын: (пышақ, шелек, орынлық, стол, воронка,себет ҳ.т.б) |
1
күнге |
2500 |
2000 |
2000 |
2000 |
|
2.4. |
Арнаўлы кийимлерден пайдаланыў: (халат,
фартук, жеӊлик) |
1
күнге |
1500 |
1500 |
1500 |
1500 |
|
2.5. |
Өнимлер ушын брезент бериў |
1
күнге |
2500 |
2500 |
2000 |
2000 |
|
2.6. |
Арбашалар ушын |
1
күнге |
3500 |
3500 |
2500 |
2500 |
|
2.7. |
Реклама жайластырыўға ажратылған
жер майданынан пайдаланғанлығы ушын (1
м.кв) |
1
күнге |
2000 |
2000 |
2000 |
2000 |
|
3. |
Көрсетилетуғын хызмет түрлери: |
|
|
|
|
|
|
3.1. |
Аўыл хожалық ҳәм басқа азық-аўқат өнимлерин
сақлаў: |
|
|
|
|
|
|
|
Суўытқышларда |
1
күнге |
4000 |
4000 |
4000 |
4000 |
|
|
амбарханаларда, сақлаў
камераларында |
1
күнге |
3500 |
3500 |
3500 |
3500 |
|
|
базар аймағындағы прилавкаларда хәм
ашық жайларда (саўда орны есабынан) |
1
күнге |
3500 |
3500 |
3500 |
3500 |
|
3.2. |
Амбарларда буйымларды сақлаў (50х50х100 см өлшемдеги 1 орын ушын) |
1
күнге |
3500 |
3500 |
3500 |
3500 |
|
3.3. |
Өнимлерди тәрезиде өлшеп бериў: |
|
|
|
|
|
|
|
үлкен жүк тәрезиде |
1
өлшеў |
2000 |
2000 |
1500 |
1500 |
|
|
Ири ҳәм майда шақлы малларды өлшеў |
1
өлшеў |
3000 |
2500 |
2500 |
2500 |
|
3.4. |
Автотәрезилерден пайдаланыў: |
|
|
|
|
|
|
|
жүк көтериў қуўатлылығы 5 тоннадан
артық болған тиркемели, ярым тиркемели жүк автомашиналары ҳәм автопоездлардан |
|
|
|
|
|
|
|
Жүк пенен |
1
өлшеў |
5500 |
5000 |
4500 |
3500 |
|
|
Жүксиз |
1
өлшеў |
4000 |
3500 |
3000 |
3000 |
|
|
жүк көтериў қуўатлылығы 5 тоннаға
шекем болған тиркемели, ярым тиркемели жүк автомашиналары ҳәм автопоездлардан |
|
|
|
|
|
|
|
Жүк пенен |
1
өлшеў |
4500 |
4000 |
4000 |
3000 |
|
|
Жүксиз |
1
өлшеў |
4000 |
4000 |
3500 |
3000 |
|
|
Жеӊил автомашиналардан: |
|
|
|
|
|
|
|
Жүк пенен |
1
өлшеў |
3000 |
3000 |
2500 |
2000 |
|
|
Жүксиз |
1
өлшеў |
2500 |
2500 |
2000 |
2000 |
|
|
Тиркеўишли жеӊил автомашиналардан: |
|
|
|
|
|
|
|
Жүк пенен |
1
өлшеў |
5000 |
4000 |
3500 |
3500 |
|
|
Жүксиз |
1
өлшеў |
3000 |
2500 |
2500 |
2000 |
|
3.5. |
Мийманхана хызметинен пайдаланыў (1
орын) |
1
күнге |
8500 |
8500 |
7500 |
6700 |
|
3.6. |
Автотранспорт қуралларын ўақтынша
сақлаў ушын: |
|
|
|
|
|
|
|
жеӊил автомашиналар ушын* |
1
саатқа |
2500 |
2500 |
2000 |
2000 |
|
|
Жүк автомашиналары ушын* |
1
саатқа |
3000 |
2500 |
2000 |
2000 |
|
3.7. |
Қәжетхана хызметинен пайдаланыў |
1
мәрте |
1000 |
1000 |
1000 |
1000 |
|
3.8. |
Телефоннан пайдаланыў |
1
мәрте |
1000 |
1000 |
1000 |
1000 |
|
3.9. |
Радиоузел арқалы дағаза бериў (3 мәрте
қайталаў) |
3
мәрте қайталаў |
1000 |
1000 |
1000 |
1000 |
|
3.10. |
Улыўма пайдаланатуғын объектлерди
сақлаў бойынша көрсетилетуғын мәжбүрий хызметлер (асфальтланған ҳәм брусчатка
жатқызылған жоллар, тротуарлар, кириў ҳәм шығыў орынлары, жер ҳәм жер үсти
канализация лотоклары, ишки ҳәм сыртқы жақтыландырыў тармақлары ҳәм
имаратлары, ишимлик суўыныӊ санитар-техник буўынлары, улыўма аймақты қорықлаўҳәм
тазалаў, турмыс жағынан ҳәм мийўе-палыз өнимлериниӊ шығындыларын жыйнаў ҳәм
алып шығыў, сыртқы инженерлик-коммуникация имаратлары)* |
1
кв.м. ушын |
11000 |
10000 |
9500 |
9000 |
*
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2010-жыл 26-апрельдеги ПҚ-1326-санлы
«Дийхан базарлары ҳәм саўда комлекси жумысларын шөлкемлестириўди жәнеде
жетилистириў ис илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, көрсетилетуғын мәжбурий хызметлер
дизими ҳәм баҳасы «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепиннен
тастыйықланады. Усы хызметлер базарлар ҳәм саўда комплекслери аймағындағы ҳәм
оларға тутас болған аймақларда жайласқан бина ҳәм имаратлар мүлк ийлерине көрсетилетуғын
ҳәмде олар ушын кадастр ҳүжжетлеринде көрсетилген ийелеген жер майданларынан
келип шығып, базарлар ҳәм саўда комплекслери жәмийетлери менен бина ҳәм
имаратлар ийелери ортасында дүзилетуғын шәртнамаға муўапық ҳақ төленеди. Бунда
хожалық ҳәм мийўе-палыз өнимлериниӊ шығындыларын жыйнаў ҳәм алып шығыў
хызметлери ушын бина ҳәм имаралатлар ийелери тәрепинен усы түрдеги хызметлерди
көрсетиўши кәрханаларға қосымша төлемлер әмелге асырылмайды.
Еслетпе:
1. Аўыл хожалығы өнимлери ҳәм халық тутыныў товарлары менен саўда
қылынғанда бир орын (саўда орны) өлшеми 1-1,2 погон метр деп белгиленеди ҳәм
усы өлшемнен артық орын ушын қосымша рәўиште ҳәр бир саўда орны ушын
белгиленген төлеў муғдарында орын ҳақы өндириледи.
2. Аўыл хожалығы өнимлери ҳәм халық тутыныў товарлары аралас
түрде сатылғанда, төлем сатылатуғын өнимлер түрлери бойынша белгиленген еӊ жоқары
ставка бойынша өндириледи.
ҚАРАРЫ