23.12.2024, Дүйшемби

“Гүлдирсин”де бир жынаят иси көрип шығылды


Жасырарлығы жоқ соӊғы жыллары елимизде жол транспорт ҳәдийсеси көбейип бармақта. Бундай жағдайлардыӊ келип шығыўына биринши гезекте пуқаралардыӊ өзлери себепши болмақта.

Бул болса көплеген инсанлардыӊ  өмирден ерте көз жумыўына, айрымларыныӊ денсаўлығынан айырылып, материаллық жәбирлениўине алып келмекте.

Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды тәрепинен  усы жылдыӊ 15-март  күни “Гүлдирсин” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында усындай арқайынлыққа берилип, биреўдиӊ автомашинасын айдап кетип, өзине де, өзгеге де зыян келтирген пуқараныӊ үстинен ашылған жынаят иси  көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Судта анықланған ҳалатларға бола, Х.А. ҳәм оныӊ дослары биргеликте кеўил хошлық етип спиртли ишимликлер ишген ҳалда Ш.Т. нын атына рәсмийлестирилген “Нексия”  маркалы транспорт қуралын мәс ҳалында басқарыўы ақыбетинде, автотранспорт басқарыўын жоғалтып жол шетинде ҳәрекетсиз турған З.Ш га тийисли “Камаз” маркалы автомашинаға барып соқлығысқан. Буныӊ нәтийжесинде болса,”Нексия”да болған үш жолаўшы ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған ҳәмде транспорт қуралларына  30.млн.сумнан аслам материаллық зыян жеткерилген.

Суд мәжилиси барысында жәбирлениўшилерге жеткерилген материаллық зыянлар қапланғанлығы  ҳәм де олардыӊ кеширим бергенлиги есапқа алынып, инсаныйлық принциплерине тийкарланған ҳалда жынаят иси тәреплердин жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәрекеттен қысқартылып судланыўшы Х.А. жынайый жуўапкершиликтен азат етилди.

Бул жынаят иси тәреплердиӊ жарасқанлығы мүнәсибети менен қысқартылған болса да, бизиӊ ҳәр биримиз жәмийетте бундай ҳәрекетлердиӊ келип шығыўына жол қоймаўымыз керек. Себеби, ҳәр қандай итибарсызлық оғада аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

 

О.Мауленов

Жынаят ислери бойынша

Елликқала район суды баслығы. 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.