Улыўмахалық «Наўрыз» байрамы қарсаңында Нөкис қаласындағы «Ғәрезсизлик» Мәкән пуқаралар жыйыны аймағында 90 орынға мөлшерленген 55-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ашылыў мәресими болды.
Ашылыў
мәресимине ҚР Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Ш.Уснатдинова, Нөкис
қаласы ҳакими орынбасары К.Қәлимбетов, аймақ турғынлары, мийнет ветеранлары,
ата –аналар қатнасты.
Шөлкем 90 орынға мөлшерленген болып, 23 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.
Қ.Р
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме хызмети