23.12.2024, Дүйшемби

Карантин илажлары қайтадан күшейтилиўи ҳаққындағы гәп-сөзлерге анықлық киргизилди

Ташкент қаласындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген баспасөз конференциясында Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасының баслығы Анвар Алимов карантин илажларының күшейтилиўи менен байланыслы болған гәп-сөзлерге анықлық киргизди.


 – Яңварь айынан берли коронавирусқа алынған тест нәтийжелерин анализлеп қарасақ, 0,1 процент жағдайда кеселлик анықланбақта. Олардың көпшилиги симптомсыз көринисте болғаны ушын үй шараятында емленбекте.

 16-март күни өткерилген халық депутатлары қалалық кеңесиниң жыйналысында қабыл етилген қарарда бирде-бир жаңа, күшейтиў бойынша бәнт жоқ.

 Бүгин тек ғана әмелдеги талаплар үстинен қадағалаўды күшейтиў мәселеси көрилмекте. Талап етилип атырған ең тийкарғы үш нәрсе – нықап тағыў, қолларды жуўыў, социаллық аралықты сақлаў, – деп айтып өткен Алимов.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.