Бүгин түнде елимизге COVAC механизми шеңберинде Ҳиндстанда ислеп шығарылған коронавиурсқа қарсы AstraZeneca вакцинасының 660 мың дозадан ибарат дәслепки партиясы жетип келди.
Уллы Британияның усы атамадағы фирмасының авторлығында жаратылған бул шаншыў қуралын Өзбекстанға бийғәрез жәрдем түринде алып келиўде ЮНИСЕФ бас жеткерип бериўши болып есапланады. Бул структура бүгинги күнде дүньяның жәми 100 ге шамалас мәмлекетине вакцина жеткерип бермекте. Өзбекстан региондағы дәслепки сондай мәмлекет екенлиги айрықша итибарға ылайық.
Мәмлекетимиздиң Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Gavi The Vaccine Alliance» халықаралық шөлкеми, жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм ЮНИСЕФ менен биргеликте жолға қойылған Өзбекстан Республикасы иммунизация бағдарламасы шеңберинде келтирилген бул адамгершилик жүгин қабыл етип алыў мақсетинде бирге ислесиўшилер менен бирге Ҳиндстанның Өзбекстандағы елшиханасы, Европа Аўқамы ҳәм басқа да бир қатар халықаралық шөлкемлердиң елимиздеги ўәкилханаларының жуўаплы хызметкерлери де Ташкент халықаралық аэропортында жыйналды. Әмелге асырылып атырған жойбардың биринши басқышында май айында кейинги партияны алып келиў мөлшерленген. Улыўма, 2,3 миллион дозаны қурайтуғын бул басқыш арқалы шаншылыўы мүмкин болған халықтың дерлик 3 проценти қамтып алынады. Вакцинация процесинде, бәринен бурын, медицина хызметкерлери итибарға алынады, себеби олар тиккелей коронавиурсқа ушыраған наўқаслар менен тығыз қатнасықта болады. Соң гезек жасы 70 тен асқан пуқараларға бериледи. Жылдың ақырына шекем 20 процент жерлесимиздиң шаншылыўы нәзерде тутылған.