23.12.2024, Дүйшемби

Жаслар менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сектор басшылары, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Жаслар агентлиги, министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшылары тәрепинен Шоманай районындағы машқалалы мәселеси бар жаслар менен ушырасыў өткериў белгиленген.


Бунда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша ушырасыў алдынан жасларға тийисли шѳлкемлер тәрепинен семинарлар өткерилди.


Жаслар менен ушырасыў даўамында Республикалық сектор басшылары тәрепинен қабыллаў ѳткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының биринши орынбасары Т.Нурметов, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы жетекши қәнигеси Ж.Уббиниязов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер Министриниң орынбасары М.Рахматуллаев, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы баслығының орынбасары С.Ерниязовлар ҳәм министрликлер қәнигелери менен мәкеме ҳәм шѳлкем басшылары қатнасты.

 

Шоманай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети