23.12.2024, Дүйшемби

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ СУДЫНЫҢ ҚУРАМЫНА ӨЗГЕРИСЛЕР КИРГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА


Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының

қарары

Өзбекстан Республикасы Конституциясы  80-статьясының 3-бәнтине ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан  Республикасы Конституциялық нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Төмендегилер:

Жахонгир Исроилович Гайбуллаев он жыллық мүддетке;

Джахангир Бахтиярович Джураев он жыллық мүддетке;

Рахмон Норинович Мадумаров мүддетсиз дәўирге;

Отабек Хасанович Назаров  мүддетсиз дәўирге;

Жахонгир Акрамович Расулов  он жыллық мүддетке;

Ровшан Мирсидикович Сагатов  он жыллық мүддетке;

Фахриддин Махмудович Халилов  он жыллық мүддетке;

Шерзод Нуруллаевич Шеркулов  он жыллық мүддетке;

Ойбек  Азамович  Қодиров  он жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайлансын.

  1. Басқа жумысқа өтиўине байланыслы:

Шухрат Рахматович Аббасов;

Анвар Хамидович Шукуруллаев;

Жамол Камолович Қаххоров Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан босатылсын.

  1. Бул қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының Баслығы             Т.Нарбаева

Ташкент қаласы,

2021-жыл 12-март