Шымбай районында 8 март –
“Халықаралық ҳаял-қызлар күни” байрамы мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.
Онда районымыздың нураный аналары, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип
киятырған ҳаял-қызлар, түрли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты.
Илажда Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов барлық ҳаял-қызларды байрам менен қытлықлады.
Ҳәр бир тараўда өзиниң белгили
дәрежеде орны бар бизиң районымыздың белсенди ҳаял-қызлары ҳәр
қашанғыдай байрам мүнәсибети менен бүгин де иззетте.
Салтанатлы кешеде бир топар
ҳаял-қызларымыз «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме
хызмети