30.10.2024, Сәршемби

Депутатлар мәлимлеме майданындағы шеклеўлер ҳаққындағы нызамды мақуллады

Бүгин 4-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан  Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкерлишик ҳаққындағы кодекслерге, соның менен бирге  «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамға айрым өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары «Миллий тикланиш» ДП ҳәмде «Адолат» СДП фракцияларының басламасы менен ислеп шығылған. (https://parliament.gov.uz/uz/events/chamber/33857/)

Жойбар менен, жынаят кодексиниң 244—статьясында ҳәкимият ўәкиллериниң нызамлы талапларына бойсынбаў, ғалаба тәртипсизликке, пуқараларға зорлық ислетиўге ғалаба түрде үгит-нәсиятлаў ушын жынаый жуўапкершилик белгиленеди.Бул жынаят ушын жәрийма ямаса 2 жылға шекем мийнетте дүзетиў жумыслары ямаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркин шеклеў, я болмаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айрыў жазасын енгизиў.


Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы  кодекстиң 201-статьясына қосымша киргизилмекте.

Онда пуқараларды Өзбекстан нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларын орынламаўға ямаса бузыўға, соның ишинде ғалаба хабар қуралларынан, телекоммуникация тармақларынан, интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан, сондай-ақ, текстти басып шығарыў ямаса басқаша түрде көбейтиў түрлеринен пайдаланған ҳалда ғалаба түрде үгит-нәсиятлаў сыяқлы ҳуқықбузарлық ушын базалық есаплаў муғдарының алпыс есесинен сексен есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўы белгиленбекте.

 

Додалаўдан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилетуғын болды.