Нәўбеттеги көшпели қабыллаў Қанлықол районы “Қосжап” ҳәм “Жайхун”
АПЖларда
Мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары ҳәмде олардың мәплери, сондай-ақ, пуқаралардың мүнәсип турмыс дәрежесин жақсылаў, халық пенен ашықтан-ашық сәўбетлесиў, олардың мүрәжатлары менен ислесиў, пуқараларды қыйнап келген өмирлик мәселелерин өз ўақтында үйренип шығыў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басламасы менен, Қанлыкөл районы Мәмлекетлик хызметлер орайы аймағынан 52 км узақта жайласқан 7245 халық жасап атырған «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны Бегжап аўылында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Көшпели қабыллаўға Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков, басқарма орынбасары Е.Досанов ҳәм тараў хызметкерлери қантасты. Өзбекстан-жаслар мәмлекети. Соның ушында жаслар тәлим-тәрбиясы ҳәм излениўшең жаслардың инновацион идеяларын қоллап-қуўатлаў, олар менен сәўбетлесиў мәқсетинде Басқарма баслығы К.Артыков биринши нәўбетте Бегжап аўылында жайласқан 10-санлы улыўма билим бериў мектебиниң питкериўши жаслары менен ушырасып, олар менен пикир алмасты. Жаслардың қызығыўшылықлары бойынша жол-жобалар берди. Соның менен бирге жасларға басқарма тәрепинен таярланған саўғалар ҳәм китаплар тапсырылды. Исенимимиз кәмил, бундай қызығыўшаң, билимли жасларымыз ертеңги келешегимиздиң мүнәсип даўамшылары болып жетилиседи.
Буннан соң пуқараларымыздың мәселелерин шешиў,
оларға ҳуқықый мәсләҳәтлар бериў ушын аўыл турғынлары менен ушырасты. Аўыл
турғынлары өмирлик мәселелерин, оларды
усы күнге шекем қыйнап келген машқалаларын атап өтти.
Солар арасында аўыл турғыны жеке
тәртиптеги исбилермен Оразхан Қайыпназарова исбилерменлигин кеңейтиў мәқсетинде
аўыл аймағынан мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириўди
усыныс етти. Исбилерменниң бул мүрәжатына әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде
кеңнен түсиниклер берилип, мүрәжаты қадағалаўға алынды. Соның менен бир қатарда
аўыл турғынларының кадастр ҳүжжетлерин өз атларына рәсмийлестириў бойынша
ҳуқықый мәсләҳәтлар берилди.
Ушырасыў даўамында пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, олар арасында ПҲАЖ бөлими тәрепинен район орайына барыў имканияты болмаған бес жас шаңарақтың некеден өтиўи ушын арзалары сол жердиң өзинде көшпели түрде қабылланды.
Аўыл турғыны Айтгүл Сейтимбетованың қыз перзенти Муратбаева Надира Салаўат қызына туўылғанлығы ҳаққында гүўалық берилди. Буннан соң, тараў қәнигелери тәрепинен аўыл турғынларына талап жоқары болған 80 нен аслам мәмлекетлик хызмет көрсетилди. Атап айтқанда, кадаср ҳүжжетлерин таярлаў, баланы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жайластырыў сыяқлы мүрәжатлары унамлы шешимин тапты.
Буннан кейин тараў хызметкерлери тәрепинен үйме-үй жүрип аймақ турғынларының машқалалары, пикир-усыныслары тыңланды. Мүрәжатлардың көпшилиги усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Қалғанларының орынланыўы қадағалаўға алынды.
“Хеш ким итибардан шетте қалмаўы тийис” сүренине әмел еткен ҳалда “Қосжап” аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы нәгиранлығы болған ҳәм имканияты шекленген пуқараларға басқарма тәрепинен таярланған азық-аўқат өнимлери берилди. Бир сөз бенен айтқанда Қанлыкөл районына болған көшпели қабыллаў даўамында пуқаралардың азда болсада өмирлик мәселелерин шешиў бойынша жәрдем берген болсақ биз буннан жүдә қуўанышлымыз.
Бундай көшпели қабыллаў Қанлыкөл районы Мәмлекетлик хызметлер орайынан 20 км узақта жайласқан “Жайхун” МПЖ аймағында да болып өтти. Усы күни аймақ турғынларына 120дан зыят мәмлекетлик хызмет көрсетилди ҳәм ҳәр бир тараўға тийисли буклетлер тарқатылды.
Халық
пенен туўрыдан-туўры сәўбетлесиў, турмыслық машқала ҳәм мүтәжликлерин унамлы
шешиў бүгинги күнимиздиӊ әҳмийетли мәселелердиӊ бирине айланды. Қалаберсе бул
ҳәр бир басшыға өз алдына жуўапкершилик жүклейди, халық дәрти менен жасаў ҳәм
машқалаларға шешим излеўге жетелейди. Бундай көшпели қабыллаўлар адамлардыӊ
бүгинги турмысынан разылығы ҳәм ертеӊги күнге исеним менен жасаўына хызмет
қылады.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими