30.10.2024, Сәршемби

ШАРЎАШЫЛЫҚ ТАРМАҚЛАРЫН МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН БУННАН БЫЛАЙ ДА ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА


Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Ишки тутыныў базарында гөш, сүт, мәйек ҳәм басқа да шарўашылық өнимлери менен турақлы тәмийинлеў, шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық от-жем базасын кеңейтиў, ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў бойынша  илимий тийкарланған усыллар ҳәм интенсив технологияларды кеңнен енгизиў  мақсетинде:

  1. 1. 2021-жыл 1-марттан баслап Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының компенсация ҳәм кепиллигинен пайдаланған шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм қояншылық бағдарларындағы кредити бойынша төлемлерди өз ўақтында қайтарып атырған исбилерменлик субъектлерине, олардың кредит бойынша қарыздарлығы толық қапланбағанша, жаңа кредитлер бойынша қордың кепиллигинен және пайдаланыўға руқсат берилетуғынлығы;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл 18-марттағы «Шарўашылық  тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4243-санлы қарарының 2-бәнтине муўапық берилген  жеңилликлер  шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўшы барлық хожалық субъектлерине ҳәм от-жем ислеп шығарыўшы кәрханаларға  да енгизилетуғынлығы;

2021-жыл 1-январьдан баслап  2024-жыл  1-январьға шекем нәсилшилик субъектлери ушын олардың тийкарғы жумыс түри бойынша  пайда салығы (коммерциялық банклерде жайластырылған қаржылардан алынған процентлерден тысқары),  мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў  ресурсларынан пайдаланғаны ушын  салық ставкасы  50 процент муғдарында қолланылатуғынлығы белгиленсин.

  1. 2. Исбилерменлик субъектлери тәрепинен 1-қосымшада келтирилген товарлар Өзбекстан Республикасы аймағына алып киргизилгенде:

оларды алып кириўде есапланған қосымша қун салығын төлеў мүддетти  180 күнге созылады;

төленген қосымша қун салығының есап бериў дәўири жуўмағындағы унамсыз парқ суммасы салық төлеўшиниң арзасына тийкарланып тезлестирилген тәртипте  20 күннен кешиктирместен қаплап бериледи  және салық суммасы қаплап берилгеннен соң, камерал салық тексериўи улыўма тәртипте әмелге асырылады.

  1. 3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-июльден баслап  қосымша қун салығының төлеўшиси болған:

шарўашылық хожалықларына –  өз хожалықларында жетистирилип, гөш ушын реализацияланған қара мал ҳәм қой-ешкилер  тири салмағының  ҳәр бир килограммы ушын  2000 сум және сүтиниң  ҳәр бир литри ушын 200 сум;

қусшылық хожалықларына – өз хожалықларында жетистирилип, реализацияланған мәйектиң ҳәр бир данасы  ушын 50 сум және  қустың гөшиниң ҳәр бир килограммы ушын  800 сум;

 балықшылық хожалықларына –  интенсив усылда жетистирилген  салқын суў балықлары (лосось, форель ҳәм осётр)ның  ҳәр бир килограммы ушын  3000 сум, қалған түрдеги балықлар ушын  1000 сум муғдарында республикалық бюджеттен субсидия ажыратылады.

Усы бәнтте нәзерде тутылған субсидиялар  қосымша қун салығынан  қарыздарлығы болмаған, сондай-ақ, контрагентлерди таңлаўда зәрүр дәрежеде  сақ болған кәрханаларға   олардың  субсидиялар алыў ҳаққындағы арзаларына тийкарланып кейинги айдың  25 сәнесине  шекем ажыратылады.

  1. 4. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте еки ай мүддетте шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық хожалықларына өзлери тәрепинен жетистирилген ҳәм реализацияланған өнимлер ушын субсидиялар ажыратыў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. 5. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

«Ўзбекчорванасл» агентлиги орайлық аппараты струтктурасында  5 штат бирлигинен ибарат Қусшылық ҳәм қояншылық тараўларын раўажландырыў басқармасын  шөлкемлестириў;

«Ўзбекчорванасл» агентлиги директорының қусшылық ҳәм қояншылық тараўларын раўажландырыў бойынша орынбасары  лаўазымын киргизиў;

«Ўзбекчорванасл» агентлиги Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар «Чорванасл» орайларында 2 штат бирлигинен ибарат қусшылық ҳәм қояншылық жумысларын раўажландырыў секторын  шөлкемлестириў;

Мәмлекетлик ветеринария хызмети системасында шарўа маллары, қуслар ҳәм балықлар от-жеминиң қурамын таллаў  және  қуслар кеселликлериниң диагнозын қойыў бойынша  лабораторияларды жаратыў;

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине қосымша түрде республикада гөш, сүт ҳәм басқа да шарўашылық өнимлерин жетистириўши ҳәм қайта ислеўши, таярлаўшы және реализациялаўшы кәрханалардың жумысын раўажландырыўға, сондай-ақ, өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеўге жәрдем бериў ўазыйпасын жүклеў.

  1. 6. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети «Ўзбекчорванасл» агентлиги орайлық аппараты және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар «Чорванасл» орайларының структурасына киргизилип атырған өзгерислерди және шарўа маллары ҳәм қуслар ҳәм балықлар от-жеминиң қурамын таллаў ҳәм  қуслар кеселликлериниң диагнозын қойыў бойынша  лабораториялардың хызметкерлерин усы комитет системасының улыўма штат бирликлери есабынан қәлиплестирсин.

2021-жыл 1-апрельге шекем шарўа маллары ҳәм қуслардың от-жеминиң қурамын таллаў  және  қуслар кеселликлериниң диагнозын қойыў бойынша  лабораторияларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў ушын  Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан  3 миллиард сум қаржы ажыратылсын.

  1. 7. Төмендегилер «Ўзбекчорванасл» агентлигиниң қусшылық ҳәм қояншылық тараўындағы қосымша ўазыйпалары  етип белгиленсин:

қусшылық ҳәм қояншылық тармағын раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламалы илажлар әмелге асырылыўын муўапықластырыў,  бирден-бир илимий-техникалық, технологиялық, инвестициялық ҳәм экспорт сиясатын  избе-из әмелге асырыў, сондай-ақ, ишки ҳәм сыртқы базарларда баҳалар мониторингин алып барыў;

қусшылық ҳәм қояншылық өнимлерин сатыў базарларын кеңейтиў бойынша маркетинг изертлеўлерин алып барыў, өнимлер баҳалары қәлиплесиўиниң  қолайлы механизмин белгилеў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыў;

қуслар ҳәм қоянлар ушын толық қунлы, жоқары белоклы от-жем ислеп шығарыў ушын жаңа өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм барларын модернизациялаў жолы менен қусшылық ҳәм қояншылық тармағының от-жем базасын беккемлеў;

қусшылық ҳәм қояншылық өнимлерин жетистириў  ҳәм оны қайта ислеў тараўында ислеп шығылған  инновациялық  технологияларды кеңнен енгизиў ушын илимий изертлеў жумысларын алып барыўды шөлкемлестириў.

  1. 8. Қаржы министрлиги:

а) «Ўзбекбалиқсаноат» ассоциациясы менен биргеликте  бир ай мүддетте  балықшылық хожалықлары тәрепинен   жасалма суў бассейнлери, оларда жетистирилетуғын балықлар ҳәм балықшылық технологиялық үскенелерин қамсызландырыў тәртибин  ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда, боран, даўыл, сел, суў тасқыны, жер силкиниўи, кеселликлер ақыбетинде набыт болыў, усы орынға тән болмаған дәрежеде ҳаўаның суўық ямаса ыссы келиўи, жарылыў, балықхор қуслар тәрепинен зыян жеткерилиўи ҳәм үшинши шахс тәрепинен қастан  ислеген ҳәрекет, урлықлар (жынаят иси ашылған болса) қамсызландырыў ҳәдийселери сыпатында қамсызландырыў тәртибинде нәзерде тутылсын;

б) «Ўзбекчорванасл» агентлиги менен биргеликте республикада жумыс ислеп атырған қусшылық кәрханаларындағы бар қусларды түрли кеселликлер ҳәм айрықша жағдайлар (электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдеги үзилислер) ақыбетинде набыт болыўын қамсызландырыў тәртибин ислеп шықсын.

Бунда, қуслардың бас санын қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў төлеминиң  50 процентине шекемги бөлеги  Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қапланатуғыны нәзерде тутылсын.

9.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери  халыққа сапалы ҳәм арзан қус және балық өнимлерин жеткерип бериўди шөлкемлестириў  мақсетинде «Паррандасаноат» ҳәм «Ўзбекбалиқсаноат» ассоциациялары усынысына тийкарланып:

қусшылық ҳәм балықшылық хожалықларына  өзи ислеп шығарған туқым, қустың гөши ҳәм балық өнимлерин сатыў ушын дийқан базарлары ҳәм халық көп жыйналатуғын аймақлардан (арзанлатылған саўда ярмаркалары өткерилиўи белгиленген орынлар негизинде) орнатылған тәртипте турақлы саўда орынлары (ноқатлары);

ҳәр бир дийқан базарында және қала (район)дағы халық көп жыйналатуғын орынларда кеминде 2 ден жеңил конструкция тийкарында қус ҳәм балық өнимлерин  сатыўға мөлшерленген саўда дүканларын қурыў ушын орын ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. 10. «Өзбекстан республикалық товар шийки-зат биржасы» АЖ рапс (туқымы, шроты, гүнжарасы, майы), писте (туқымы, шроты, гүнжарасы, майы), соя (туқымы, шроты, гүнжарасы, майы), балық уны ҳәм майы, арпа, мәкке, фосфат (трикальций, монокальций, дикальций) ҳәм холин хлорид өнимлерин ислеп шығарыўшы сырт ел компанияларын биржа саўдаларына тартыў илажларын көрсин.

Өнимлерди биржа арқалы миллий ямаса сырт ел валютасында импорт етиўге руқсат бериледи.

  1. 11. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм «Өзбекстан республикалық шийки зат биржасы» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда биржа саўдалары арқалы өнимлердиң импортын әмелге асырыўда «биржа қоймаханасы» хызметлеринен пайдаланыў механизмин енгизиў бойынша усыныс киргизсин.
  2. 12. Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплеки ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлигиниң шарўашылық бағдарындағы жойбарлары, жойбарларды әмелге асырыў топарларының жойбар шеңбериндеги ҳуқық ҳәм миннетлемелери, шәртнамалары ҳәм мүлклери менен биргеликте Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетине өткерилсин.

Ветеринария ҳәм шарўашылықты  раўажландырыў мәмлекетлик комитети Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте шарўашылық тараўын турақлы раўажландырыўды қаржыландырыў бойынша Франция раўажланыў агентлигиниң кредит линиясын 2021-жылдың 1-июлине шекем және  Жәҳән банки кредит линиясын 2021-2022-жыллары  тартыў илажларын көрсин.

  1. 13. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң 2021/2022 оқыў жылынан баслап Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты жанындағы Марҳамат жеңил санаат техникумы тийкарында Самарқанд ветеринария медицина институтының Әндижан ветеринария медицинасы техникумын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. 14. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2021/2022 оқыў жылынан баслап республикамыздағы барлық ветеринария медицинасы ҳәм агротехнологиялар техникумларында қусшылық, ветеринария, балықшылық, пал ҳәррешилик ҳәм қояншылық бағдарларында қәнигелер таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпа тийкарында қабыллаў квота параметрлерин қәлиплестирсин.
  3. 15. Қашқадәрья ўәлаятының Касби, Нишон, Миришкор ҳәм Косон районларын шарўашылыққа қәнигелестириў, усы районларда заманагөй шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириў мақсетинде төмендегилер:

Қашқадәрья ўәлаятында шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;

Қашқадәрья ўәлаятында 2021-2022-жыллары Бағдарлама шеңберинде жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша прогноз көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

Қашқадәрья ўәлаятында 2021-2022-жыллары суўғарыў каналларын тазалаў есабынан қосымша жер майданларын өзлестириў параметрлери 4-қосымшаға муўапық;

Қашқадәрья ўәлаятында 2021-2022-жыллары пишензар ҳәм жайлаў жерлеринде жаңадан қазылатуғын қудықлар деслокациясы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 16. а) усы қарардың 4-ҳәм 5-қосымшасына муўапық қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмаларына тийкарланып аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын ажыратылған қаржылар есабынан қаржыландырылатуғыны;

б) қосымша жер майданларын өзлестириў есабынан қайта пайдаланыўға киргизилген жер майданларында қурылатуғын қудықларға орнатылатуғын насослар тийисли агрокластер, фермер ҳәм дийқан хожалықларының балансына және оларға орнатылатуғын трансформатор ҳәм электр жеткериў тармақлары «Қашқадәрья аймақлық электр тармақлары» АЖ балансына өткерилетуғыны белгиленсин.

в) Қашқадәрья ўәлаятының барлық районларында шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы жойбарларды әмелге асырыўға:

АК Халық банки ҳәм басқа да коммерциялық банклер тәрепинен 2021-2022-жыллары сырт ел финанс институтларының кредит линиялары есабынан 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар қаратылады;

Қашқадәрья ўәлаятына 2021-2022-жыллары сырт еллерден алып келинетуғын шарўа малларын сатып алыў ушын халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине зәрүр кредитлер  ўәкилликли банклер тәрепинен Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ағымдағы ресурслар есабынан ажыратып барылады.

  1. 17. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги және Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги:

исбилерменлик субъектлерин шарўашылық пенен шуғылланыўға қызықтырыў, оларды шарўашылық  тараўында билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы ушын оқытыў, сондай-ақ, бул процесске сырт еллерден маман қәнигелерди тартыў;

шарўашылық тараўына байланыслы семинар, әнжуман, ярмарка ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў, сондай-ақ, жергиликли шарўадарлардың сырт еллерде өткерилетуғын ярмаркалар ҳәм көргизбелерде қатнасыўын тәмийинлеў;

қосымша қун шынжырын жаратыў мақсетинде шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта ислеўшилер арасында  кооперацияны жолға қойыў бойынша жақыннан әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. 18. Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети менен биргеликте жойбар интәкерлерине ажыратылып атырған жер участкаларына олардың мүрәжатына тийкарланып жер астынан суў шығарыў ушын суўғарыў тик қудықларының бурғылаў орынларын анықласын және оларды хабардар етсин.
  2. 19. Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети суўғарыў тик қудықларының бурғылаў жойбарларына гидрогеологиялық жуўмақ берилиўин тәмийинлесин.
  3. 20. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. 21. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. 22. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары Ш.М.Ғаниев ҳәм Ж.А.Қўчқоров белгиленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 3-март