23.12.2024, Дүйшемби

Спорт мектебиндеги нызамсыз ҳәрекетлер анықланды

Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районындағы Балалар-өспиримлер спорт мектебиниң материаллық жақтан жуўапкерлери 2018-2020-жылларда мектептиң тренер ҳәм хызметкерлерине жәми 491,4 млн сўм хызмет сапары қәрежетлери ҳәм ис ҳақыларын нақ пул түринде ажыратып, төлеў бланкаларындағы қол таңбаларын қәлбекилестирип, бюджет қаржыларын өзлестирген.


Бас прокуратура жанындағы Депортаменттиң Елликқала районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде усы жағдай анықланған.


Жүз берген жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.