23.12.2024, Дүйшемби

Қазақстан менен мийнет мигрантларыныӊ ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы келисим тастыйықланды

Шавкат Мирзиёевтиӊ 25-февральдағы қарары менен Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери ортасында мийнет искерлиги ҳәм Қазақстанда Өзбекстан пуқарасы болған мийнет мигрантлары ҳәм Өзбекстанда Қазақстан пуқарасы болган мийнет мигрантлары ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы келисим тастыйықланды, деп жазады @gazetauz_uzb.

 

Келисимге бола, мийнет мигрантлары қабыллаўшы мәмлекет нызамшылығы ҳәм мийнет шәртнамасы шәртлерине муўапық дем алыў, әтираптағылар ушын қәўип келтиретуғын кеселликлер бойынша кепилленген бийпул медициналық жәрдем алыў ҳуқықына ийе.

Шәртнама сондай-ақ, тәлим ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртибин белгилейди. Қабыллаўшы мәмлекет аймағында мийнет мигрантлары тәрепинен мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын оқыў ҳүжжетлери тән алыў процеслерисиз тән алынады.

Соныӊ менен бирге, тийисли тәлим алған, педогогикалық, медицина ямаса фармацевтика искерлиги менен шуғылланыў ҳуқықына ийе болган мийнет мигрантлары қабыллаўшы мәмлекет нызамшылығында белгиленген тәлим ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртибинен өтеди. Олар усы искерликке қабыллаўшы мәмлекет нызамшылығында белгиленген тәртипте қабылланады.

Ҳүжжетте мийнет мигранты дегенде 18 жасқа толған, екинши мәмлекет аймағында нызамлы түрде жасайтуғын ҳәм ол жерде нызамлы түрде пуллы мийнет искерлиги менен шуғылланатуғын шахс түсиниледи.

Ҳүжжет мийнет мигрантларыныӊ ис ҳақысын төлеў ҳәм олардыӊ дәраматларынан салык төлеў, пенсия ҳам социаллық тәмийнат, өлим ямаса жарақатланыў жағдайларында төлемлер ҳәм компенсациялар, сондай-ақ мийнет мәжбүриятларын ислеў менен байланыслы жарақат, кәсип кеселлиги яки басқа денсаўлыққа жеткерилген зыянды қаплаў мәселелерин тәртипке салады.

Аўдарма: @QR_Istiqbolli_avlod