Нөкис қаласындағы «Нәубәҳәр» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Ел
азат» көшесинде неше жыллардан берли жаўын шашын ҳәм басқа себеплерге көре
топланып қалатуғын изей суўлар нәжийжесинде көлмеклер пайда болған еди. Бул
киши көлмеклерди көмиў ушын мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Б.Калилаев тәрепинен
12 машина қум топырақ төгилип, жолды тегислеў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, абаданластыў жумыслары «Уллыбағ» көшесинде даўам еттирилмекте.
Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети