23.12.2024, Дүйшемби

«Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығына Қарақалпақстаннан ким ылайықлы деп табылды?

Ташкент қаласындағы Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық Үлкен театрында «Milliy» телеканалы тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбегим ҳаялы – 2021» миллий сыйлығын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажға түрли министрлик ҳәм уйымлар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери мирәт етилди.

Елимизде өмирин ийгиликли жумысларға бағышлаған, пидайы мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўына үлес қосып киятырған ҳаял-қызлар көпшиликти қурайды. Олардың хызметлери, пидайылығы, өз исине садықлығы ҳәм мәртлиги жоқары баҳаларға ылайықлы. «Milliy» телеканалы усындай ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсеткен ҳалда бир неше жыллардан берли «Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығын тапсырып келмекте.

 

Быйыл да усы сыйлыққа түрли аймақлардан 100 ден аслам талабанлар усыныс етилген болып, оларды сайлап алыўда талабан ҳаял-қызлардың жәмийеттеги роли, жумысларындағы мәртлиги, қурамалы өткен пандемия шараятындағы хызметлери айрықша итибарға алынды. Олардан жумыслары ең жақсы деп табылғанлары «Өзбегим ҳаялы» миллий сыйлығына ылайықлы деп табылды.

 

Миллий сыйлыққа мүнәсип көрилген ҳаяллар қатарында Қарақалпақстан Республикасынан Нөкис районындағы «Мажит Жүзимгүл» фермер хожалығының баслығы Жүзимгүл Бекбергенова да бар. Ол Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға әмелий жәрдем берип келмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.