23.12.2024, Дүйшемби

“Uzbekistan Airways” АЖ шегирмелер жәриялады

“Uzbekistan Airways” АЖ 2021-жыл 20-22 март күнлери Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын республиканың барлық ишки қатнаўларына шегирмелер жәриялады:

 - индивидуаль жолаўшылар ушын - 30%;

 -саяхатшылар топарлары (5 ҳәм оннан аслам адам), мектеп оқыўшылары, колледж, лицей, жоқары оқыў орынлары, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқада мәкемелер системасындағы арнаўлы оқыў орынлары студентлери ҳәм тыңлаўшылары ушын - 40%;

 - шаңарақ (2 ҳәм оннан аслам адам, яғный: ерли зайып, ерли зайып ҳәм олардың 18 жасқа шекемги болған перзентлери, 18 жасқа шекемги перзентлери болған ата ямаса 18 жасқа шекемги перзентлери болған ана) ушын -50%;

 - напақа алыўшылар ушын - 50%;

 - имканияты шекленген пуқаралар ушын - 50%;

 -1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар ушын- 50%;

 - 1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде фронт артында пидайы мийнети ҳәм жоқары әскерий хызмети ушын орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған шахслар ушын- 50%;

 - Чернобиль АЕС апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқанлар ушын - 50%.


Усы силтеме арқалы толық мағлыўмат алың- https://www.uzairways.com/uz/press-center/news/navroz-arafasida-ichki-qatnovlarga-bayram-chegirmalari