23.12.2024, Дүйшемби

«ЕРКИНДӘРЬЯ»ДА СУЎ ТАЗАЛАЎШЫ ҮСКЕНЕ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районында халықты тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Райондағы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күни 975 хожалықта 6154 халық жасайды. Аймақта бир аўыллық шаңарақ поликлиникасы, еки балалар бақшасы, бес улыўма орта билим бериў мектеби, түрли тараўлардағы 12 жуўапкершилиги шекленген жәмийети, шарўашылық, дийқаншылық, балықшылыққа қәнигелестирилген  фермер хожалықлары жумыс алып бармақта.


Халықтың турмыс шараятын жақсылаў, олардың күнделикли машқалаларын сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Исбилермен тәрепинен нанбайхана, тигиўшилик цехы, гөш дүканы, аралас жем сатыў шақапшасы ҳәм басқа да халыққа хызмет көрсететуғын орынлар ашылды. Төрт хожалыққа жеңиллетилген кредит есабынан 26 бас қой,  49 пуқараға 1835 бас таўық ҳәм үйрек берилди. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 120 кәмбағал хожалық дизимге алынған болса, усындай илажлар нәтийжесинде 113 хожалық кәмбағаллықтан шығарылды.

Аймақтағы тийкарғы машқалалардың бири, бул ишимлик суўы мәселеси еди. Усыны есапқа алған ҳалда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының елимиздеги ўәкилханасы, Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Канаданың жергиликли басламаларды қоллап-қуўатлаў жойбарының қаржыландырылыўында әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында климат турақлылығын тәмийинлеў» жойбары шеңберинде еки орында, яғный «Қабақ» ҳәм «Батырлар аўылы» елатлы пунктлеринде  бийғәрез жәрдем сыпатында саатына 500 литр таза ишимлик суўын ислеп шығаратуғын үскене алып берилди.

 

Өткен күни «Қабақ» аўылында суўды тазалап бериўши үскенениң ашылыў салтанаты болды. Онда район ҳәкими М.Қайпанов, жойбар хызметкери А.Тилеўмуратовлар шығып сөйлеп, аймақ турғынларын ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Бундай үскенениң және бири жақын күнлерде «Батырлар аўылы» елатлы пунктинде де пайдаланыўға тапсырылады.

– Районымыздың қайтадан ашылыўы менен халықтың жасаў шараятлары жақсыланып атыр,-дейди аймақ турғынларынан бири Жибек Оразова.-Өткен жылдың ақырында аўылымыз толық тәбийғый газ бенен тәмийинленди. Усы күнге шекем таза ишимлик суўы машқала болып келген еди. Мине, таза ишимлик суўын ислеп шығаратуғын үскене алып берилип атыр. Бундай ғамқорлығы ушын республикамыздың басшыларына, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының елимиздеги ўәкилханасына миннетдаршылық билдиремиз.

 

Ҳақыйқатында да, «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында климат турақлылығын тәмийинлеў» жойбары шеңберинде районда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бүгинги күни районда төрт орында таза ишимлик суўын ислеп шығаратуғын үскене пайдаланыўға тапсырылған болса, және алты усындай үскене қурып бериледи. Жойбардың жәрдеми менен районда «Еркиндәрья жайлаўы», «Бозатаў жайлаўы», «Порлытаў жайлаўы», «Ақтуба жайлаўы» ҳәм «Шахаман жайлаўы» жайлаў кооперативлери шөлкемлестирилди. Жақын күнлерде «Көксуў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында саатына 6 кубометр дренаж суўын душшыландырыўшы ҳәм тазалаўшы үскене пайдаланыўға тапсырылады. Қәнигелердиң атап өткениндей, бул система менен 10 гектарға шекемги егислик майданын тамшылатып суўғарыў мүмкин. Усының есабынан 20 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленеди.

«Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм  «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жәми 12 гектар бағ қуяш энергиясы арқалы ислейтуғын тамшылатып суўғаратуғын үскене менен тәмийинленеди. Кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматын арттырыў мақсетинде 132 парник, пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлерин тамшылатып суўғаратуғын 137 комплект үскене менен тәмийинлеў режелестирилген. Бул илажлар аймақ турғынларының бәнтлигин тәмийинлеўге, олардың жасаў шараятларын буннан да жақсылаўға хызмет етиўи менен де әҳмийетли.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.