Усы ҳәптениң жумыс
күнлери соңында республикамыз аймағы Россияның Европа аймағы арқалы кирип
келген оғада суўық ҳаўа массалары тәсири астында болды. Қарақалпақстанда 20-22
градус, соның ишинде, Үстиртте 23-25 градусқа шекем суўық болды. Күндизги
ўақытларда ҳаўаның температурасы 8-10 градус суўық дөгерегинде болды.
«Өзгидромет»тиң хабар
бериўинше, бүгиннен баслап суўық ҳаўа массалары республикамыз аймағынан шыға
баслайды. Оның орнына Түркменстан аймақларынан жыллы ҳаўа массалары кирип
келмекте.
Дема лыс күнлери ҳаўаның жылыўы даўам етеди. Екшемби күнине келип, түнде 3-5 градус суўық, күндиз 7-12 градус жыллыға шекем көтериледи.
Қарақалпақстанда айырым жерлерге бираз қар жаўыўы күтиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.