23.12.2024, Дүйшемби

Қыпшақ понтон көпиринен ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылды

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ҳаўа температурасының кескин суўып кетиўи нәтийжесинде дәрьядан ағып келип атырған музларды өткерип жибериў мақсетинде 2021-жылдың 25-февраль күни саат 17:00 де мәмлекетлик әҳмийеттеги 4p181 "A-380 пр.Кипчак. Манғыт-гр.Рес. Туркменистан" автомобиль жолының 4-км.де жайласқан Қыпшақ понтон көпириниң төртинши ҳәм бесинши секцияларының ўақтынша алып турылғанын мәлим етеди.

 

Музлықлардың келиўи тоқтамағанлығы себепли автотранспорт ҳәм пуқаралардың ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде көпир үстинен ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылып, төртинши ҳәм бесинши секциялар еле жабылмаған. Зәрүр талаплар тийкарында транспорт қураллары белгиленген тәртипте паром арқалы өткерилмекте. Қосымша мағлыўматлар берип барылады.