30.10.2024, Сәршемби

Қызылқумнан алдын илимге намәлим болған динозавр сүйеклери табылды

Өзбекстанда алдын илимге намәлим болған динозавр сүйеклери табылды. Оның бийиклиги еки этажлы автобусқа тең келеди. Бул ҳаққында бизге «Daily Mail» басылымына тийкарланып Кәмилжан Базарбаев хабар берди.

 

Динозавр «Жаратитанис кинги» деп аталып, оның узынлығы 65,6 футқа (20 метр) жетеди.

Динозаврдың сүйеклери Қызылқум шөлиндеги «Динозаврлар қойымшылығы» деп аталатуғын аймақтан табылған. Бул аймақ Наўайы ўәлаятының Үшқудық районындағы Жарақудық деген жерде жайласқан.

 

Жаратитанис 145,5 миллион жыл даўам еткен пор дәўирине тийисли екенлиги айтылмақта. Ол планетада өмир сүрген салмағы 14 Африка пилине тең келетуғын реббахизавридлердиң туўысына киретуғыны мәлим етилген. Бул туўысқа киретуғын динозавр сүйеклери усы күнге шекем Түслик ҳәм Арқа Америка, Африка және Европа сыяқлы аймақлардан қазып алынған. Бирақ, бул Азиядағы дәслепкиси болып табылады.

 

– Бул Азиядан алып келинген дәслепки реббахисаврид болып, мәлим болған қазылма таслар дизиминдеги ең жасларынан бири, – деди изертлеўдиң жетекши авторы, доктор Александр Аверьянов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.