23.12.2024, Дүйшемби

Нөкис қаласына Пресс-тур өткерилди

25-февраль күни Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен қаладағы исбилерменлик субъектлери, олардың жумыс барысы ҳәм экономикалық көрсеткишлери бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасында пресс-тур өткерилди.

 

Пресс-турдың биринши мәнзили Нөкис қаласы “Жаңа базар” МПЖ  аймағында жайласқан “NUKUS TEXTILE” ЖШЖ болды. Кәрхана жип ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўға кәнигелестирилген, жылына 1 000 тонна жип ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлығына ийе. Кәрхананың ийелеп турған жер майданы 24 га болып,  2019-жылда кәрхана тәрепинен 3,5 млн АҚШ доллары муғдарында  туўрыдан-туўры шет ел инвестициясы өзлестирилген.

 

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер пресс-турда Нөкис қаласындағы “Муратбек мебел” ЖШЖ не де барды. Бул кәрхана мебел ислеп шағарыўға қәнигелестирилген болып, жойбардың улыўма бахасы 4 500,0 млн.сўмды қурайды. ЖШЖның екинши имараты 2021-жыл январь айында иске түсирилген болып, 12 жаңа жумыс орны жаратылған.

 

Пресс-тур даўамында ҳәр бир исбилерменлик субъектлеринде бүгинги жумыс барысы ҳәм экономикалық көрсеткишлери бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлерге толық мағлыўматлар берилди. 

 

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлиги хызмети