Нөкис қаласындағы
Президент мектебинде 2021-жыл 25-февраль күни “Ted talk Nukus” жойбары иске түсирилди. Бул жойбар инглис тили
оқытыўшысы Бекмуратова Венера ҳәм шет елли муғаллимлер тәрепинен
шөлкемлестирилди. “Ted talk Nókis PM” жойбары мектеп оқыўшылары менен
тәжирийбели инсанлар бир тема әтирапында өзлериниң көзқараслары менен бөлиседи.
Бул әлбетте, пикир алмасыў платформасы
ҳәм жаңа идеялардың туўылыў орталығы болып хызмет етеди.
“Ted talk”тың
бүгинги санында мектебимиздиң 9-класс оқыўшылары “Ҳонестй анд Интегритй”
темасында сөзге шығып, өз пикрлерин, дәлийллер менен тастыйықлап берди. Буннан
соң, кеше миймани, инглис тили пәни муғаллими Мрс. Зора Кеффер
де сөзге шықты.
Бул жойбар
оқыўшылардың сын пикирлеўин,
қарым-қатнас ҳәм сөйлеў мәденияты көнликпелерин раўажландырып, келешек жасларымыздың искерлигин асырыўга өз
үлесин қосады.