Бозатаў районы Көксуў аўыл пуқаралар жыйыны
аймағындағы талапшаң жаслардан бири Абдиразақ Аблакулов басшылығында Жаслар
кооперациясы шөлкемлестирилип, 30 жасқа жер ажыратылды.
Жаслар менен болып өткен ушырасыўда жаслар ушын
кооперацияны жүритиў тәртип-қағыйдалары қәнигелер тәрепинен түсиндирилди.
Соның менен бирге, ажыратылған жерлерге агротехникалық
қәделерге сай ислеў бериў жумыслары алып барылды.
Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети