Жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, бос ўақытларын мазмунлы
шөлкемлестириў, мәнаўиятын жоқарылатыў бойынша бир қатар илажлар әмелге
асырылмақта. Әсиресе, исбилерменлик жумысын баслаў нийетинде болған жасларға
банк кредитлерин алыў ҳәм салық тараўында жеңилликлер жаратылған.
Беруний районында
«Жаслар: 1:1» бағдарламасы шеңберинде жумыссыз ҳәм жәмлеспеген жасларды
кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў ҳәм «Ҳәр бир исбилермен – жасларға
мәдаткар» принципи тийкарында 1 исбилерменге 1 жумыссыз жасты бириктириў
басламасы жақсы жолға қойылған болып, көплеген исбилерменлер тәрепинен
қоллап-қуўатланбақта.
Районда исбилерменлик
жумысын баслаў нийетин билдирген 33 жасқа 6 күнлик (48 саат) Саўда-санаат
палатасы, Жаслар ислери агентлиги ҳәм банк хызметкерилери тәрепинен бизнес
жүргизиў, исбилерменлик көнликпелери бойынша сабақлар өтилип, оларға 33
миллионнан 200 миллион сум муғдарында кредит ажыратылып, арнаўлы
сертификатлар тапсырылды.
-Полиграфия – бүгинги заман талабына сай болған жумыс бағдары есапланады. Жумысымды баслаў ушын банкттен кредит алдым ҳәм өзим қатарлы заманласларымды жумыс пенен тәмийинлемекшимен, – дейди жас исбилермен Наўрызбек Сейтимов.
Болажақ исбилерменлерге сектор басшылары ҳәм Жаслар ислери агентлиги, Жаслар аўқамы районлық бөлими тәрепинен сертификат тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги