22.12.2024, Екшемби

ПРЕЗИДЕНТ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ БМШ ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ БОЙЫНША КЕҢЕСИНИҢ 46-СЕССИЯСЫНДАҒЫ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ


Ҳүрметли баслық Нажот Шамим Хан ханым!

Ҳүрметли Жоқарғы комиссар Мишель Бачелет ханым!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бүгин Өзбекстан Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес ағзасы сыпатында бул ушырасыўда биринши мәрте қатнаспақта.

Биз соңғы жыллар даўамында Кеңеске ағза болыў ушын пүткил жуўапкершиликти аңлаған ҳалда умтылып келгенимизди атап өтпекшимен.

Демократиялық реформаларымыз жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған болып, бул өзгерислер артқа қайтпайтуғындай түс алды.

Биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Инсан ҳуқықлары жолындағы ҳәрекетке шақырық» басламасын алға қойыў ушын Кеңес ағзалары, барлық шериклеримиз бенен тығыз бирге ислесиўди даўам еттиремиз.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Өзбекстанда демократиялық өзгерислерди және де тереңлестириў ҳәм Кеңес шеңбериндеги жумысымыздың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат.

Бириншиден, инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў Өзбекстандағы реформаларда ең әҳмийетли орында турады.

2030-жылға шекем мөлшерленген Турақлы раўажланыў мақсетлери елимизде ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын «ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмайық» принципи тийкарында әмелге асырылады.

Бул жерде сөз Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссар басқармасы экспертлериниң белсене қатнасыўында ислеп шығылған инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегияны әмелге асырыў ҳаққында бармақта.

Екиншиден, биз гендер сиясаты мәселелери бойынша елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында ҳәм исбилерменлик тараўында ҳаяллардың ролин түп-тийкарынан арттырыўға қаратылған жумысларды исенимли даўам еттиремиз.

Усы жылы Өзбекстанда Орайлық Азия еллери жетекши ҳаялларының басқоспасы ҳәм ҳаял-қызлардың регионаллық бизнес-форумын өткериўди режелестирмектемиз.

Үшиншиден, өз алдына айрықша жәрдемге мүтәж болған пуқаралардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қатаң итибар қаратылады.

Жақында майыплығы болған пуқаралардың ҳуқықлары ҳаққындағы жаңа нызам күшке кирди. Өзбекстан Парламенти Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияны ратификациялаўы күтилмекте.

Биз имканияты шекленген пуқаралардың өз қәбилетин толық жүзеге шығарыўы мәселелери бойынша Регионаллық кеңес дүзиўди усыныс етемиз.

 Төртиншиден, халқымыздың ярымынан көбин қурайтуғын жаслардың ҳуқықларын қорғаў бәрқулла итибарымыз орайында болып келмекте.

Быйылғы Өзбекстанда Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы, деп жәрияланды.

Бул бағдарда биз:

– Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигинде Жаслар ҳуқықлары бойынша пүткил жер жүзилик конференциясын өткериў;

– БМШ Экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң оныншы форумында Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның жойбарын усыныў;

сондай-ақ, Жаслар ҳуқықлары бойынша арнаўлы баянатшы институтын шөлкемлестириў мәселесин киргизиўге таярлық көрмектемиз.

Бесиншиден,  биз Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Жәҳән банки менен биргеликте мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетин сапластырыў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырдық. Бул реформаларымыздағы ең тийкарғы жетискенликлеримизден бири болды.

2021-жылы, яғный Балалар мийнетин сапластырыў халықаралық жылында Балалар Омбудсманы ҳаққындағы нызамды қабыл етемиз.

Алтыншыдан, «Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў» декларациясының 10 жыллығына бағышлап биз Жоқарғы комиссар басқармасы менен биргеликте глобал форум өткериўди усыныс етемиз. Оқытыў системасын раўажландырыў мақсетинде БМШтың инсан ҳуқықлары тараўындағы Ықтыярый төлемлер қорына өз үлесимизди қоспақшымыз.

Жетиншиден,  Бас хаткер Уллы мәртебели мырза Антониу Гутерриштиң  пуқаралығы болмаған шахслар санын азайтыў бойынша қатаң илажлар көриў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлаймыз.

Тек ғана өткен жылдың өзинде 50 мың ўатанласымыз Өзбекстан пуқаралығына қабыл етилди, быйыл және 20 мыңнан аслам адам пуқаралыққа ийе болады.

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Биз ерискен нәтийжелеримиз бенен тоқтап қалмастан, буннан былай да  пуқаралық жәмийети институтларын және де раўажландырыў, Өзбекстанда сөз еркинлигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды беккем мақсет еткенбиз.

Усы тийкарда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ҳаққында кодекслер ислеп шығылмақта.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң дин ямаса исеним еркинлиги, судьялар ҳәм адвокатлар ғәрезсизлиги мәселелери бойынша арнаўлы баянатшыларының усынысларын айрықша итибарға алғанбыз.

Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеске Судьялар кеңеслери жумысының универсал принциплерин ислеп шығыў мәселесин көрип шығыўды усыныс етемиз.

Қыйнаўлардың алдын алыў бойынша миллий превентив механизмди енгизиў шеңберинде биз адамның қәдир-қымбатын жерге уратуғын, адамгершиликке қарама-қарсы болған қыйнаўлардың ҳәр қандай көринисине буннан былай да улыўма жол қоймаймыз. Бундай жынаятлар қашан жүз бергенине қарамастан, олар ушын жаза анық.

Қыйнаўларға қарсы конвенцияның Факультатив протоколын ратификациялаймыз.

Усы мәселелер бойынша бирге ислесиў мақсетинде Қыйнаўлар мәселеси бойынша арнаўлы баянатшыны Өзбекстанға мирәт етиўге таярлық көрип атырмыз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Өзбекстан инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелерине қатаң садық қалады.

Соның менен бирге, биз инсан ҳуқықлары бағдарында еле үлкен жолдың басында турғанымызды жақсы түсинемиз ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилеримиздиң қоллап-қуўатлайтуғынына үмит етемиз. Сол мүнәсибет пенен Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссар Мишель Бачелет ханымның елимизге сапарын күтип қаламыз.

Бул бойынша мандатқа ийе болған барлық ўәкиллердиң Өзбекстанға келиўи ушын турақлы мирәтнама жибериў ҳаққында қарарды қабыл етемиз.

Сондай-ақ, Азия континентиниң инсан ҳуқықлары бойынша регионаллық механизмин турақлы жумыс көрсететуғын платформа-Самарқанд форумы тийкарында жаратыў бойынша жәрдем бериўге таярмыз.

Ҳүрметли дослар!

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 75 жыллық тарийхы инсан ҳуқықларының универсал қәдирият екенин анық дәлилледи. Бул тийкарғы принципсиз жер жүзинде тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға ерисип болмайды.

Сөзимниң жуўмағында соны және бир мәрте атап айтпақшыман: Өзбекстан Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес ағзасы сыпатында халықаралық ҳуқықтың инсан ҳуқықларына байланыслы улыўма тән алынған принциплери менен нормаларын қатаң қорғайды ҳәм жедел алға қояды.

Итибарыңыз ушын рахмет.