МҮНӘСИБЕТ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесиниң 46-сессиясында шығып сөйлеген сөзин халқымыз тәрепинен айрықша қызығыўшылық пенен тыңлады.
Биринши гезекте бул тарийхый әнжуман болды ,десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, елимиздиң БМТ ның Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесине ағзалығы дүньяның 169 мәмлекети тәрепинен қоллап-қуўатланды. Бул тосыннан емес, әлбетте. Соңғы төрт жылдың ишинде елимизде инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Мәмлекетимиздиң бул бағдардағы тәжирийбеси жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен айрықша атап өтилмекте.
Бир ғана мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетин қорғаўды алайық.Бурынлары оқыў орынларының оқыўшылары айлап жыйын-теримде жүрер еди. Мине Президентимиздиң тиккелей басламасы менен мәжбүрий мийнет, соның ишинде балалар мийнетине пүткиллей шек қойылды. Баянатта атап өтилгениндей, бул реформаларымыздағы ең үлкен жеңисимизден бири болды.
Екиншиден жаслар мәселеси. Өткен жылдың ақырында мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилген Жаслар форумында шығып сөйлеген сөзинде Президентимиз жасларымызды Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары баҳалады. Бүгинги күни жасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмлеспеген ҳәм жумыссыз жасларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, «Ҳәр бир исбилермен жасларға мәдаткар» принципи тийкарында 1 исбилерменге 1 жумыссыз жастың бириктирилиўи ҳақыйқатында да қайырлы баслама болып, ол исбилерменлеримиз тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланбақта.
Улыўма алғанда, елимиз басшысының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесиниң 46-сессиясында шығып сөйлеген сөзи ҳәр бир пуқарада мақтаныш сезимлерин оятыў менен бирге, алдымызда турған уллы ўазыйпаларды атқарыўда жуўапкершилик те жүклейди.
Нурлыбай ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ,
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық
партиясы Қарақалпақстан Республикасы
Кеңесиниң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.