30.10.2024, Сәршемби

Пайтахт орайынан алыста жайласқан «Шадлы аўыл» таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди

Нөкис қаласы орайынан узақта жайласкан «Шадлы аўыл» елатлы пунктине таза ишимлик суўы кирип бармақта. Бул ҳаққында «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ баспасөз хызмети хабар берди.

Нөкис қаласы «Боза аўыл» МПЖ аймағындағы «Шадлы аўыл» елатлы пункти турғынлары ушын сметалық баҳасы 5286,5 млрд. сумлық, улыўма узынлығы 13,233 км болған жеткерип бериўши ҳәм тарқатыўшы ишимлик суў тармақлары тартылмақта. 
Нәтийжеде бул аймақтағы 453 хожалықты ишимлик суўы тармағы менен тәмийинлеў имканияты пайда болады. 

Бүгинги күнде объектте суў тармағын жеткерип бериўши 4,812 метр узынлықтағы полиэтилен трубалардың қурылыс-монтаж жумыслары толық исленди. 

Қурылыс жумыслары усы жылдың май айына шекем даўам етиўи жобаластырылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.