30.10.2024, Сәршемби

Денсаўлықты сақлаў мәкемелери жумысы үйренилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов халықтың социаллық жағдайын ҳәм оларға көрсетилип атырған медициналық хызмет сапасын үйрениў мақсетинде Төрткул районындағы шетки ҳәм алыс аймақларға барды.

 

Министр райондағы Жамбасқала, Көкше, Пахтаабат, Қумбасқан ҳәм Ата-журт аўыл пуқаралар жыйынында жатақ режиминдеги наўқаслардың үйлерине барып олардан хабар алды ҳәм керекли дәри-дәрмақлар менен тәмийинледи.

 Сондай-ақ, усы АПЖлар аймағындағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлердиң искерлиги үйренилип, оларға тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

 

Денсаўлықты сақлаў министрлиги