Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарына муўапық Республикалық 1-санлы
«Меҳрибанлық үйи»не 57 миллион сўмнан артық қаржы ажыратылды.
Елимизде социаллық қорғаўға мүтǝж халықты, соның ишинде жетим
ҳǝм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды қоллап-қуўатлаўға айрықша
итибар қаратылып, бул бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Президиумының 2021-жыл 10-февральдағы қарары менен Республикалық 1-санлы
«Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларының бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў
ҳәмде олардың мәденият ҳәм көркем-өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде
Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларынан дүзилген «Таң ғумшалары» аяқ ойын
ансамблин сахналық кийимлер менен тәмийинлеў ҳәмде усы жерде тәрбияланып шыққан
талантлы жасларды материаллық хошаметлеў ушын 57 миллион сўмнан артық қаржы
ажыратылды.
Бундай ийгиликли ислер жаслардың қалбинде өзине болған беккем
исеним ҳәм келешекке үмит сезимлерин оятыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети