Қарақалпақстан
Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары
жумысларын муўапықластырыў басқармасы 4-санлы ИИБ профилактика инспекторы
А.Даўлетбаевқа Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Н.Қ ислеген ҳуқықбузылығы бойынша
топланған ҳүжжетлерди басты - басты етиў есесине 1 500 000 сўм пара сыпатында
усыныс еткен.
Қарақалпақстан
Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызметиниң жазыўынша, ўақыя бойынша профилактика инспекторы
А.Даўлетбаев министрлик басшыларына билдирги менен мүрәжат еткен.
Билдиргиге
тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәмде Өзбекстан Республикасы
ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасының Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими
хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив иләж даўамында, профилактика
инспекторы А.Даўлетбаевтың хызмет ханасында пуқара Н.Қ. пара сыпатында усыныс
еткен 1 500 000 сўмның 400 мың сўмын пара сыпатында профилактика
инспекторы А.Даўлетбаевқа берип атырған ўақтында иләж қатнасыўшылары тәрепинен
қолға алынған.
Жағдай бойынша, Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралар қаўипсизлигин тәмийинлеўде пыдакерлик пенен хызмет еткен профилактика инспекторы А.Даўлетбаевқа 2021-жылдың 15-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов тәрепинен 2 000 000 ақшалай хошамет берилди ҳәм инспектордың анасына министрликтиң миннетдаршылығы ҳәм саўғалар тапсырылды.