Тарийхый орынларды
зыяратлаў ҳәм соның менен бирге Мойнақ районына жүз берип атырған бүгинги
жаңаланыўларды жәмийетшиликке кеңнен жеткериў ҳәм ем алыс күнлерин мазмунлы
өткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен хызметкерлери
ушын саяхат шөлкемлестирилди. Дәслепки мәнзил Хожелидеги
Назлымхан сулыў естелиги болды.
Тарийхый
естеликлер – бул бизиң экономикамыздың да тиреги. Пүткил дүнья жүзинде, соның
ишинде бизиң елимизде де туризм тараўына күтә жоқары итибар қаратылмақта.
Президентимиз ҳәм Ҳүкимет тәрепинен бул тараўды раўажландырыў бойынша қаншама
әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди. Миздакхан естелик комплекси
Қарақалпақстандағы туристлер итибарын тартатуғын ең белгили орынлардан бири. Тарийхый
естеликлер – бул мақтанышымыз, руўхый байлығымыз. Биз оларды сақлап, келешек
әўладларға жеткере билиўимиз дәркар.
Кейинги
мәнзил Мойнақ районы болды. Саяхатшылар бул жерде алып барылып атырған қурылыс
жумыслары, раўажланыўлар менен жақыннан танысты.
ҚР
Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети