Халқымызға көп жыллардан берли
хызмет етип киятырған ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Республикалық
эндокринология диспансери жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў
мәресимине ҚР Денсаўлықты сақлаў министри М.И. Қурбанов, министр орынбасарлары
ҳәм министрликтиң бас қәнигелери, республикамыздағы емлеў-профилактика
мәкемелери бас шыпакерлери, эндокринология тараўында көп жыллар мийнет еткен
нураный шыпакерлер, диспансердиң медицина хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар
қураллары қатнасты.
Бул диспансердиң реконструкция
жумысларына жәми 6,860 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, заманагөй
әсбап-үскенелер ҳәм инвентарлар менен тәмийинленген. Имараттың биринши
қабатында диспансер поликлиникасы искерлик көрсетип, сапалы медициналық
тексериўлерди әмелге асырыў ушын ҳәрбир қәнигеге толық қолайлықлар жаратылған.
Сондай-ақ, имараттың екинши ҳәм үшинши қабатында эндокринологиялық кеселликлер
менен аўырған наўқасларды стационар шараятта емлеў ушын бир, еки ҳәм үш адамлық
палаталар ажыратылған. Диспансерде наўқасларға айрықша қолайлық жаратыў
мақсетинде лифт иске қосылған.
Эндокринология тараўында көп
жыллық мийнет еткен нураный шыпакерлер диспансердеги жаратылған шараятлар менен
таныса отырып, тараўға көрсетилип атырған бундай итибардан кеўиллери шад болды.
Денсаўлықты сақлаў тараўында емлеў-профилактикалық мәкемелериниң жаңадан
реконструкция етилиўи ҳәм олардың материаллық-техникалық базасының беккемлениўи
наўқаслар кеўлинде саўалыўға деген үмит, ал шыпакерлер искерлигине болса
айрықша күш-ғайрат бағышлаўы сөзсиз, әлбетте.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме
хызмети