Бүгин мәмлекетимизде жасларды жумыс пенен
тәмийинлеў, оларға жақсы мийнет шараятларын жаратыў, кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм
билимлендириў сапасын асырыў арқалы мәмлекет ҳәм жәмийетке жетик кадрларды
жетистирип бериў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген.
Президентимиз тәрепинен өткен жылдың 25-декабрь күни өткерилген “Өзбекстан жаслары форумын”да жасларға унамлы мотивация, бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында билим, тәжирийбелерин асырыў, оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша “Ҳәр бир исбилермен – жасларға сүйениш” принципи тийкарында 1 исбилерменге 1 жумыссыз жасты бириктириў бойынша қайырлы баслама жәрияланып, көплеген исбилерменлер тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды. Алдағы ўақытлары жаслар жойбарларын қоллап-қуўатлаўда салық ҳәм басқа да жеңилликлерди бериў бойынша қарар қабыл етилетуғынлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў
бағдарламасы арқалы жаслардың исбилерменлик жойбарлары ушын
кредит қаржыларының ажыратылыўы оларға көрсетилип атырған айрықша итибар болып
табылады.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен тастыйықланған Реже - графикке тийкар 2021-жылдың 1-февраль күнинен баслап, Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында жайласқан орта арнаўлы билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшыларына “Исбилерменлик тийкарлары” пәни бойынша қала ҳәм райондағы мәмлекетлик хызметлер орайларынан бекитилген хызметкерлер тәрепинен исбилерменликке оқытылмақта.\
Бүгинги күнде республикамыз бойынша жәми 285 метеплерде оқыў сабақлықлары 14 темада оқытылыўы жолға қойылған болып, атап айтқанда “Исбилерменлик субъектлери ҳәм оның түрлери”, “Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў тәртиплери”, “Исбилерменлик искерлиги тараўында рухсат бериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиник”, “Шаңарақ исбилерменлиги ҳәм оның абзаллықлары”, сондай-ақ, “Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў мәденияты” ҳ.т.б. темаларда жасларға исбилерменлик бойынша интерактив методта арнаўлы таярланған слайдлар, роликлер, бизнес план бойынша қолланба ҳәм тарқатпа материаллар арқалы кеңнен түсиндирилмекте.
Оқыў даўамында жаслар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын берип, қызықтырған
сораўларына толық жуўаплар алыўына ериспекте.
Мағлыўмат
ушын: Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 416 пуқаралар жыйыны бар
болып, соннан 233 пуқаралар жыйынында үгит-нәсият иләжлары әмелге асырылды ҳәм
иләжға 3100ге жақын пуқаралар қатнасты. Сондай-ақ, Қарақалпақстан
Республикасында 727
билимлендириў мекемеси бар болып, соннан 285 окыў орнында үгит-нәсият иләжлары
өткерилди. Иләжға қатнасқан 8901 оқыўшы жаслар ҳәм оқытыўшыларға электрон
хызметлерден пайдаланыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген исбилерменликке
оқытыў бойынша иләжлары ҳәзирги күнде даўам етпекте.
Мәмлекетлик хызметлер
агентлиги
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы
жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ
менен байланыслар бөлими