АРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ
ОН БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН
РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
Қарақалпақстан
Республикасының Конституциясына
өзгерислер
ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында
1-статья. 1993-жыл
9-апрельде қабыл етилген Қарақалпақстан Республикасының
Конституциясына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар
киргизилсин:
1) 2-статьясындағы «адамлар»
деген сөз «шахслар» деген сөз бенен алмастырылсын.
2) 7-статьяның үшинши бөлиминдеги
«иркиў» деген сөз «тоқтатып қойыў», «тоқтатыў» деген сөз «сапластырыў»,
«дөретиў» деген сөз «дүзиў» ҳәм «ол нызам бойынша жуўапкершиликке алып келеди»
деген сөзлер «ҳәм нызамға муўапық жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады» деген
сөзлер менен алмастырылсын.
3) 10-статьяның екинши бөлиминдеги
«адам» деген сөз «шахс» деген сөз бенен алмастырылсын.
4) 13-статьяның биринши бөлиминдеги «адамгершилик» деген
сөз «инсаныйлық» деген
сөз бенен алмастырылсын.
5) 15-статьяның екинши бөлиминдеги «адамлар» деген
сөз «шахслар» деген
сөз бенен алмастырылсын.
6) 16-статьяның биринши бөлиминдеги
«ҳуқықларына» деген сөз «ҳуқық» деген сөз бенен алмастырылсын.
екинши бөлиминдеги «ҳуқық
акти» деген
сөзлер «ҳуқықый
акти» деген
сөзлер менен алмастырылсын.
7) Екинши тараў атамасындағы «адамның» деген сөз «инсан» деген
сөз бенен алмастырылсын.
8) 20-статьяның тексти төмендеги
редакцияда баян етилсин: Пуқаралар өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге
асырыўда басқа шахслардың, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң нызамлы мәплери, ҳуқықлары
ҳәм еркинликлерине зыян тийгизбеўи шәрт.
9) 21-статьяның екинши бөлиминдеги «Қарақалпақстан
Республикасының аймағында болып атырған сырт елли пуқараларға ҳәм пуқаралыққа
ийе емес адамларға халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық ҳуқықлар менен
еркинликлер тәмийинленеди» деген сөзлер
«Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралыққа ийе
болмаған шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлери халықаралық ҳуқық нормаларына
муўапық тәмийинленеди» ҳәмде
«Конституциясында ҳәм нызамларында және» деген сөзлер «Конституциясы, нызамлары
ҳәм» деген сөзлер менен алмастырылсын.
10) 22-статьясы текстиндеги «адамның» деген
сөз «шахстың» деген
сөз бенен алмастырылсын.
11) 23-статьясы текстиндеги «адам» деген
сөз «шахс» деген
сөз бенен алмастырылсын.
12) 24-статьяның биринши бөлиминдеги
«ислеўде айыпланған ҳәр бир адам» деген сөзлер «ислегенликте айыпланып атырған
ҳәр бир шахстың», «онда оған өзин қорғаўы ушын мүмкиншиликлер жаратылады» деген
сөзлер «Судта айыпланып атырған шахсқа өзин қорғаўы ушын барлық мүмкиншиликлер
тәмийинленеди» деген сөзлер менен алмастырылсын.
екинши бөлиминдеги «адамның» деген
сөз «инсанның» деген
сөз бенен алмастырылсын.
13) 25-статьяның биринши бөлиминдеги «Ҳәр
бир адам» деген сөз «Ҳәр ким» деген сөз бенен алмастырылсын.
14) 27-статьяның биринши бөлиминдеги
«Ҳәр бир адам ой-пикир» деген сөзлер «Ҳәр ким пикирлеў», «Ҳәр бир адам» деген
сөзлер «Ҳәр ким» ҳәм «еркинлигине ийе» деген сөзлер «еркинлиги ҳуқықына ийе»
деген сөзлер менен алмастырылсын.
екинши бөлиминдеги «адам» деген
сөз «шахс» деген
сөз бенен алмастырылсын.
15) 29-статьясы текстиндеги «таңыўға» деген
сөз «сиңдириўге» деген
сөз бенен алмастырылсын.
16) 30-статьяның екинши бөлиминдеги
«раўажландырыў ҳәм жетилистириў арқалы әмелге асырылады» деген сөзлер «әмелге
асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди» деген сөзлер менен алмастырылсын.
17) 33-статьяның биринши бөлиминдеги
«адам өз алдына, сондай-ақ басқа адамлар» деген сөзлер «шахс тиккелей өзи ҳәм
басқалар» деген сөзлер менен алмастырылсын.
18) 34-статьясы текстиндеги «адам»
деген сөз «шахс» ҳәм «мийраслылық ҳуқықына нызам менен кепиллик бериледи» деген
сөзлер «мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди» деген сөзлер менен
алмастырылсын.
19) 35-статьяның биринши бөлиминдеги «адам» деген
сөз «шахс» деген
сөз бенен алмастырылсын.
20) 36-статьясы текстиндеги «адамлар» деген
сөз «шахслар» деген
сөз бенен алмастырылсын.
21) 37-статьясы текстиндеги «Ҳәр
бир адам» деген
сөз «Ҳәр
ким» деген
сөз бенен алмастырылсын.
22) 38-статьясы текстиндеги «адам» деген
сөз «шахс» деген
сөз бенен алмастырылсын.
23) 39-статьясы текстиндеги «адам» деген
сөз «шахс» деген
сөз бенен алмастырылсын.
24) 40-статьяның биринши бөлиминдеги «адамға» деген
сөз «шахсқа» деген
сөз бенен алмастырылсын.
25) 42-статьясы текстиндеги «инсанға»
деген сөз «шахсқа», «ҳуқықлары» деген сөз «ҳуқық», «жөнинде» деген сөз
«үстинен» деген сөзлер менен алмастырылсын.
26) 43-статьясы текстиндеги «Жас
өспиримлердиң» деген сөзлер «Ер жетпегенлердиң» ҳәм «адамлардың»
деген сөз «шахслардың» деген сөзлер менен алмастырылсын.
27) 46-статья текстиндеги «Конституцияны
ҳәм нызамларды сақлаўға» деген сөзлер «Конституция ҳәм нызамларға әмел етиўге» ҳәм «адамлардың»
деген сөз «шахслардың» деген сөзлер
менен алмастырылсын.
28) 51-статьяның биринши бөлиминдеги
«артықмашлығын» деген сөз «үстинлигин», «және» деген сөз «ҳәм» деген сөзлер
менен алмастырылсын.
29) 52-статьясы текстиндеги «тәреплердиң» деген
сөз «шахслардың»,
«қозғалатуғын» деген сөз «қорғалатуғын» деген сөзлер менен алмастырылсын.
30) 53-статьясы текстиндеги «қорлар» деген
сөз «ресурслар» деген
сөз бенен алмастырылсын.
31) 62-статьясының биринши
бөлими «балаларын ержетиўге дейин сақлаўға» деген сөзлер
«перзентлерин ер жеткенге шекем сақлаўға ҳәм» деген сөзлер менен алмастырылсын.
екинши бөлими «балалардың
сақланыўын, тәрбияланыўын» деген сөзлер «балаларды сақлаў, тәрбиялаў» ҳәм «олар
жөнинде» деген сөзлер «балаларға арналған» деген сөзлер менен алмастырылсын.
32) 68-статьясының тексти төмендеги
редакцияда баян етилсин: «Қарақалпақстан Республикасының
Жоқарғы Кеңеси жоқары мәмлекетлик ўәкиллик уйымы болып, нызам шығарыўшы
ҳәкимиятты әмелге асырады».
33) 69-статьясының екинши бөлими төмендеги
редакцияда баян етилсин: «Сайлаў күни жигирма бес жасқа толған
ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы
аймағында турақлы жасап атырған Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан
Республикасы пуқарасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланыў
ҳуқықына ийе».
34) 70-статьяның:
1) 8-бәнти төмендеги редакцияда
баян етилсин
«Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетин
сайлаў, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы ҳәм оның орынбасарларын,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм оның орынбасарын
сайлаў ҳәм босатыў;»
2) 11-бәнти алып таслансын.
35) 73-статьясы текстиндеги «Қарақалпақстан
Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының баслығы, Қарақалпақстан
Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы
экономикалық судының баслығы» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судының
баслығы» деген сөзлер менен алмастырылсын.
36) 75-статьясы текстиндеги «Қарақалпақстан
Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят
ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды» деген
сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы суды» деген сөзлер менен алмастырылсын.
37) 76-статья екинши бөлими төмендеги
редакцияда баян етилсин:
«Қарақалпақстан Республикасының нызамлары Жоқарғы Кеңес
тәрепинен қабыл етилип нызамда белгиленген тәртипте рәсмий жәрияланғаннан кейин
юридикалық күшке ийе болады».
38) 81-статьяның 8-бәнтиндеги «Қарақалпақстан
Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының баслығы ҳәм оның орынбасары,
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы ҳәм оның
орынбасары лаўазымларына, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының
баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы» деген
сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы ҳәм оның орынбасарлары,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм оның орынбасары»
деген сөзлер менен алмастырылсын.
15-бәнтиндеги «нызамлар»
деген сөз «нызамшылық актлери» деген сөзлер менен алмастырылсын.
39) 83-статьяның екинши бөлиминдеги
«Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси дүзген мәмлекетлик медициналық
комиссиясының жуўмағы менен тастыйықланған денсаўлығының жағдайы бойынша өз
миннетлерин орынлай алмаса» деген сөзлер «денсаўлығына ҳәм басқа да себеплерге
байланыслы ўазыйпаларын атқара алмайтуғын жағдайларда» ҳәм «шешим» деген сөз
«қарар» деген сөзлер менен алмастырылсын.
үшинши
бөлиминдеги «10 күн» деген сөз «2 ай
мүддет» деген сөз бенен алмастырылсын.
40) 93-статьяның сегизинши абзацындағы «Қарақалпақстан
Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына» деген сөзлер «Қарақалпақстан
Республикасы Конституциясына ҳәм нызамшылығына» деген сөзлер менен
алмастырылсын.
41) 99-статьяның биринши
бөлиминдеги «мәкан кеңеслери» деген
сөзлер «мәҳәллелерде» ҳәм «мәкан кеңеслеринде» деген сөзлер «мәҳәллелерде» деген
сөзлер менен алмастырылсын.
42) 101-статьясы биринши бөлиминдеги «Қарақалпақстан
Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы жынаят
ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша
районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм
қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм де
районлық ҳәм қалалық» деген сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы суды,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша
районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм
қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм де
районлараралық» деген сөзлер менен алмастырылсын.
43) 102-статьясы төмендеги
редакцияда баян етилсин:
Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық, жынаят ҳәм
экономикалық судлаў ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы
болып табылады.
44) 103-статьясы алып
таслансын.
45) 104-статьясы алып
таслансын.
46) 105-статьясы текстиндеги «тартысларды,
сондай-ақ нызам менен оның ўәкиллигине киргизилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар
ҳаққындағы» деген
сөзлер алып таслансын ҳәм «районлық ҳәм қалалық» деген
сөзлер «районлараралық» деген сөзлер менен алмастырылсын.
47) 106-статьяның биринши бөлиминдеги «Судьялар
ғәрезсиз болып, нызамға ғана бағынады» деген сөзлер
«Судьялар ғәрезсиз болып, тек ғана нызамға бойсынады» деген сөзлер менен
алмастырылсын.
48) 110-статьяның екинши бөлиминдеги
«Суд жүргизиўдиң» деген сөзлер «Тергеў ҳәм суд исин жүргизиўдиң», «ҳуқықына
кепиллик бериледи» деген сөзлер «ҳуқықы кепилленеди», «көрсетиў» деген сөз
«бериў», «ҳәрекет етеди» деген сөзлер «хызмет көрсетеди», «дүзиў» деген сөз
«шөлкемлестириў» деген сөзлер менен алмастырылсын.
49) 111-статьяның екинши бөлиминдеги
«питкен жылда» деген сөзлер «питетуғын жылы», «декабрь айы» деген сөз «октябрь
айының» ҳәм «екшембисине» деген сөз «екшембисинде» деген сөзлер менен алмастырылсын.
бесинши
бөлиминдеги «аслам ўәкилликли уйымларға депутат бола
алмайды» деген
сөзлер «артық мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымының депутаты болыўы мүмкин
емес» деген сөзлер менен алмастырылсын.
алтыншы бөлими оныншы бөлими
деп есаплансын:
«Сайлаўларды өткериў тәртиби нызам менен белгиленеди.»
сегизинши бөлиминдеги
«нызамларға» деген сөз «нызамшылық актлерине» деген сөзлер менен
алмастырылсын.
жетинши— оныншы бөлими тийислисинше алтыншы—
тоғызыншы бөлими деп есаплансын;
50) 116-статьяның биринши бөлиминдеги «адамлардан»
деген сөз «шахслардан» ҳәм «бағыныў менен» деген сөз «бойсынған ҳалда» деген
сөзлер менен алмастырылсын.
51) Алтыншы тараўдың «Конституцияны өзгертиў тәртиби» деген
атамасы «Конституцияға өзгерис киргизиў тәртиби» деген мазмунда баян етилсин.
52) 121-статьясы текстиндеги «өзгерислер» деген
сөзлер «өзгерислер ҳәм дүзетиўлер» ҳәм «Қарақалпақстан Республикасының» деген
сөзлер «Қарақалпақстан Республикасы» деген сөзлер менен алмастырылсын.
53) «Биринши тараў», «Екинши тараў», «Үшинши тараў», «Төртинши
тараў», «Бесинши тараў» ҳәм «Алтыншы тараў» деген сөзлердеги «тараў» сөзи
«бөлим» сөзи менен алмастырылсын.
2-статья. Усы
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.