Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жылларда
Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў
илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында Нөкис районы
аймағында 150 гектар майданға заманагөй
ыссыханалар қурыў режелестирилген.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис районы «Саманбай» АПЖ аймағынан
«MAGZATDIN-MUXAMATDIN» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жойбарлық
баҳасы 3млрд 200млн сум болған 2 гектар
майданға заманагөй ыссыхана қурыў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, усы
аймақта «ZOLUSHKA-BELOSNEJKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен да 2
гектар майданға ыссыхана қурыў жумыслар басланды. Бул ыссыханаларда 30 адамды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм жоқары
сортлы қыяр, помидор жетистириў нәзерде тутылған.
Нөкис районы
ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети