Нөкис қаласы
«Боз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына 2020-жыл 8-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кенеси баслыгы орынбасары Е.Дурдиев, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты
қоллап-қуўатлаў министири С.Турманов, Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық
Кеңеси баслығы П.Махсетбаев ҳәм бир қатар тараў қәнигелери келип, аймағымызда
дүзилген «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» бойынша исленип атырған
жумыслар, ҳаял-қызлар, әсирисе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды
исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын жаратылып берилген имкәниятлардың
орынланыў барысы менен жақыннан танысып, олардың тез арада бәнтлигин тәмийинлеў
бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Сондай-ақ, ҳәр
бир исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши, бос жумыс орынларын жаратпақшы
болған пуқаралардың мәнзилли режелерин қәлиплестирген ҳалда, оларды
қоллап-қуўатлаў кереклиги түсиндирилди.
Аймағымызда исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши, тигиўшилик цехын шөлкемлестирмекши болған, «Ҳаяллар дәптери»не киритилген, 123-жайда жасаўшы, бағыўшысын жоғалтқан, 1980-жылы туўылған Ражапова Тазагул Қутлымуратовнаның шаңарағына барып, оған қанадай жәрдем креклиги бойынша сәўбетлесиў өткерилип, буның ушын оған ең дәслеп жер орны кереклиги анықланды ҳәм бул бойынша тийисли тараў қәнигелерине жол-жобалар көрсетилди.
Буннан кейин,
аймағымызда Нурлы заман көшеси 37-жайда жасаўшы, «Жаслар дәптери»не киритилген,
2002-жылы туўылған Сейтқасымов Азамат Сапарбаевичтиң шанарағына барып, оның
бәнтлигин тәмийинлеў бойынша усыныслар берилди.