Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты түптен жаңалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 6017-санлы Пәрманына тийкар мәмлекетимизде жас әўладты бәркамал әўлад етип тәрбиялаў, олардың өмирге жеке қәдем қойыўлары ушын барлық зәрүр шәраятларды жаратыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырыў, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы түрде ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылған бирқанша илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, жасларды Ўатанға садық, миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, өсип киятырған жас әўладты илим-пән ҳәм инновацияларға кең қамтып алыў, оларды «Миллий тиклениўден-миллий раўажланыўға қарай!» идеясы әтирапында бирлестириў ушын усы жылдың 28-январь күнинен 28-февраль күнлери аралығында Басланғыш шөлкем жетекшилериниң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў, оларға әмелий ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде жетекшилер айлығы деп жәрияланды.
Бүгин, 10-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Жетекшилер айлығы” шеңберинде “Баслама, Ҳәрекет, Хошамет” атамасында “Жетекшилер форумы” өткерилди
Илажда дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар жетекшиси баслығына талабанлар телеграм каналы арқалы даўыс топлады. Ең көп даўыс пенен Нөкис қаласы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жетекшиси Ҳүрлиман Жумамуратова Қарақалпақстан Республикасы Жаслар жетекшиси етип сайланды.
Форумда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров сөзге шығып, жетекшилер тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм онда жетекшилердиң тутқан орны ҳаққында айрықша атап өтти.
-Баслама,Ҳәрекет болса, әлбетте Хошамет болады, -дейди Абат Данияров.
Сондай-ақ, форумда Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Қ.Турдиев, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реймовлар сөзге шығып, мәмлекетимизде жаслар сиясатын әмелге асырыў жолында, жаслар жетекшилери жумысларында ушырасып атырған машқалаларда биргеликте шешим табыўға ҳәмийшге таяр екенликлерин билдирди.
Жети жүзден аслам жаслар жетекшилерин бирлестирген форумда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлиги, Өзбекистан Республикасы Жаслар
ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте Меморандум имзаланды. Сондай-ақ, ҳәр бир аймақтағы жетекшилер Кеңеси баслықларына «Исеним хат»лары тапсырылды.
Форумда Қарақалпақстан Республикасындағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплери жетекшилери қатнасты.