Усы жылдың 28-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының “Қарақалпақстан хабар агентлигиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги мәмлекетлик ҳәм республикалық әҳмийеттеги рәсмий хабарларды, жәмийетлик-сиясий турмыстағы ҳәмде барлық тараўлардағы жаңалықларды, оператив материалларды тарқатып киятырған республикамыздағы жетекши ғалаба хабар қуралларының бири.
Агентлик хызметкерлериниң еркин дөретиўшилик жумыс пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 37 миллион сўмнан аслам қаржы ажыратылмақта.
Еслетип өтиўимиз керек, kknews.uz сайты усы агентликтиң рәсмий сайты есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети