30.10.2024, Сәршемби

Жаңа кислород станциясы орнатылады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына кислород станциясы орнатылады.

Елимизде денсаўлықты сақлаў системасында, әсиресе, кешиктирип болмайтуғын қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, маман кадрлар, дәри қураллары, медициналық әсбап-үскенелер, қәнигелестирилген автотранспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлеў дәрежесин жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы «Эзгу амал» жәмийетлик фонды тәрепинен 2020-жылдың декабрь айында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына жәми баҳасы 55 162 АҚШ долларлық жаңадан кислород станциясы алып келинген еди. Усы кислород станциясын орнатыў ушын қосымша имарат қурыў ҳәм ески кислород бөлистириў имаратын реконструкциялаў зәрүрлиги пайда болмақта.

Халыққа қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжелилигин еледе күшейтиў ҳәм сапасын жәнеде жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына кислород станциясын орнатыўға қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр болған 309 миллион сўмнан артық қаржы ажыратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети