30.10.2024, Сәршемби

БЕЛГИЛИ ДӨРЕТИЎШИНИҢ ЮБИЛЕЙИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Усы жыл 8-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызановтың туўылғанының 70 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Онда жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, нуранийлар, оқыўшы жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, юбилей мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен жазыўшы ҳәм кинодраматург «Ардақлы нураний» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди. Илажда усы сыйлық салтанатлы жағдайда тапсырылды.


Буннан соң Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Р. Мусурман, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов, мийнет ветераны, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси, елимиздиң ардақлы ақсақалы Қ.Камалов, педагогика илимлериниң докторы, профессор Қ.Йулдашев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева ҳәм басқалар, жазыўшы, шайыр, драматург, киносценарист ҳәм белгили журналисттиң дөретиўшилигине тоқтап өтип, 70 жыллығы менен қутлықлады.


Қутлықлаўларда атап өтилгениндей, дөретиўшиниң «Усындай да болады», «Нышана», «Күлгим келеди», «Адам күлдиргени ушын», «Сизге болмайды», «Жат журттағы жети күн», «Ақшагүл», «Ақырет уйқысы», «Душпан», «Ашық болмаған ким бар», «Ҳаўа кемесиндеги екеў», «Мухаббат қосығы», «Дәрбәдар», «Қарақалпақлар», «Аралға сапар», «Қосығым қосық» сыяқлы қырққа шамалас китабы қарақалпақ ҳәм өзбек оқыўшыларының жүрегинен терең орын ийеледи.

Жазыўшының шығармалары өткен әсирдиң 80-жылларынан баслап өзбек, сондай-ақ, туўысқан қазақ, татар, ноғай тиллерине де аўдарылды. Оның шығармаларын аўдарыўда устазы, белгили жазыўшы Насыр Фазылов баслаған жолды Меҳманқул Исламқулов, Музаффар Ахмад, Рустам Мусурман, Ғафур Эшмурад табыслы даўам еттирмекте.


Жазыўшының сценарийсы тийкарында жаратылған «Танка» көркем фильми тек ғана қарақалпақ емес, ал өзбек кино көркем өнериниң алтын фондынан ылайықлы орын ийеледи. Сондай-ақ, оның қәлемине тийисли «Уры», «Курорт», «Қоңсылар», «Қайсар», «Өмирдиң үш пасылы», «Мәргия», «Қорған», «Оқылмаған хат», «Зийўар» сыяқлы онлаған көркем фильмлер жаратылды.

Драматургия жанрында да жемисли қәлем тербетип,  1991-жылы «Еки дүньяның әўереси» комедиясын дөретти ҳәм ол үш жылдан соң «Ноёб нусха» деген ат пенен Өзбек миллий академиялық драма театрында қойылды. Буннан кейин «Күлме маған», «Жезде» атлы комедиялары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында табыслы сахналастырылды.


Белгили жазыўшы ҳәм кинодраматургтиң дерлик ярым әсирден зыят дөретиўшилик мийнети ылайықлы баҳаланды. Ол «Дўстлик» ордени, «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери», «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланған болса, оған Бердақ атындағы республикалық сыйлық берилди. Жазыўшының «Ақшагүл» повести елимиз көлеминде өткерилген «Истиқлол: замонамиз қаҳрамонлари» таңлаўында биринши орынды ийеледи.


-Көркем әдебияттың лирика, эпика ҳәм драма жанрларында сәтли мийнет етип киятырған Муратбай Нызанов өзиниң шығармаларында миллий менталитетимизди жаратыўға айрықша әҳмийет береди,-дейди филология илимлериниң докторы, профессор Қуўанышбай Оразымбетов.-Оның дөретиўшилигиниң гилти де мине усында. Қарақалпақ тилиндеги 31, өзбек тилиндеги 8, татар тилиндеги 2 китабы, таңламалы шығармаларының 10 томлығы, 10 киносценариясы,  4 мультфильм сценариясы-бул бир адамның дөретиўшилигиндеги мақтанарлық санлар. Бул әпиўайы санлар емес, ҳәр бириниң артында тынымсыз мийнет, изленислер, толғаныслар жатырғанлығы бул процессти басынан өткергенлер ғана жақсы биледи.


Кешеде Муратбай Нызанов шығып сөйлеп, келешекте халқымыздың кеўлинен шығатуғын шығармалар дөрететуғынлығын атап өтти.

Илажда жазыўшының шығармалары тийкарында сахналастырылған кинофильм ҳәм пъесалардан үзиндилер көрсетилип, оның қәлемине тийисли нама қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.