30.10.2024, Сәршемби

Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы бюджети параметрлери ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң

Қ А Р А Р Ы


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен усынылған Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы Бюджети параметрлерин көрип шығып, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 32-статьясына ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 6-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

 

ҚАРАР ЕТЕДИ:

 

1.        Қарақалпақстан Республикасының 2021-жылғы Бюджети параметрлери 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

2.        Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.

3.        Қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлериниң дәраматлары ҳәм қәрежетлери 4-қосымшаға муўапық мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

4.        Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен республика бюджетине, қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлерине ажыратылатуғын тәртипке салыўшы бюджетлераралық трансфертлердиң муғдарлары 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5.        Социаллық тараўларға ажыратылатуғын айырым қәрежет түрлери
6-қосымшаға муўапық республика бюджетине орайластырылсын.

6.        Қарақалпақстан Республикасы республика бюджети, қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлериниң ҳәр айлық сақланыўы тийис болған айланба касса қәрежетлери муғдарлары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

7.        Улыўма мәмлекетлик салықлардан республиканың қала ҳәм районлар жергиликли бюджетлерине ажыратпалар нормативлери 8-қосымшаға муўапық бөлистирилиўи белгиленсин.

8.        Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң, қала ҳәм район ҳәкимиятларының сақлаўлы қорлары муғдарлары 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

 

9.        Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине:

- 2021-жыл ушын бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң толық орынланыўын тәмийинлеў, бюджет дәраматларының жаңа дереклерин табыў, резервлерди толық иске түсириў есабынан бюджетке қосымша дәраматлар көбейтиў;

- экономикада терең структуралық өзгерислерге қаратылған актив инвестициялық сиясатты буннан былайда жеделлестириў, экономиканың әҳмийетли тармақларын финанслық қоллап-қуўатлаў, заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктураны раўажландырыў есабынан жоқары экономикалық өсим пәтлерин тәмийинлеў;

- макроэкономикалық турақлылықты жәнеде беккемлеў мақсетинде финанслық сиситеманы жетилистирип барыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан халқымыздың жасаў шәраятларын жақсылаў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў;

- аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын жедел әмелге асырыў арқалы дәраматлар базасын кеңейтиў, бюджетлер аралық қатнасықларды жәнеде раўажландырыў ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлерин жылма-жыл оптималластырып барыў;

- келеси жылы бюджеттиң тийкарғы параметрлерин орынланыўын тәмийинлеў мақетинде бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў илажларын әмелге асырыў тапсырылсын.

10.   Қарақалпақстан Республикасы Финанс министрлиги (М.Содиқов) қала ҳәм район ҳәкимликлери менен биргеликте:

- жергиликли бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң тастыйықланған көрсеткишлери толық орынланыўын тәмийинлесин;

- жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан артық орынланған бөлеги есабынан пайда болған қаржылардың қала ҳәм районлардың экономикалық потенциалын көтериўге, мәнзилли бағдарламалардың орынланыўы ушын жумсалыўына айрықша итибар қаратсын.

11.   Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери жергиликли бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы қадағалаў орнатып, жергиликли бюджет дәраматлары прогноз көрсеткишлерин орынланыў барысын ҳәр шеректе терең таллап қарап шықсын.

12.   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитети усы қарардың орынланыўын турақлы түрде қадағалаўға алсын ҳәм орынланыўын ҳәр шеректе депутатлар қатнасыўында терең ҳәм пухта үйренип, Жоқарғы Кеңестиң сессияларына усынып барсын.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                                М.Камалов

 

Нөкис қаласы, 28-декабрь 2020-жыл