30.10.2024, Сәршемби

Тахтакөпирде жəне бир аўыл таза ишимлик суўы менен тəмийинленди

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Арал бойының ең алыс аймақларындағы халықтың жасаў шәраятларын жақсылаў илажлары көрилип атыр.  Тахтакөпир районы орайынан 20 километр қашықлықта  жайласқан «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы "Кендирли" аўылында жаңа ЭКОС суў тазалағыш үскенеси орнатылып, бүгин аўыл халқына пайдаланыўға тапсырылды.


100 ге жақын хожалық жасаўшы бул елатта енди улыўма орта билим бериў мектеби менен мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң кишкенелери де таза ишимлик суўынан пайдаланады. Аўыл халқы бундай мүмкиншилик жаратылыўынан жүдә миннетдар екенин билдирди.

Олий Мажлис Сенаторы Б.Алиханов, район ҳәкими Ж.Адиловлар "Кендирли" аўылында болып, аўыл халқын таза ишимлик суўы жеткерип берилиўи менен қутлықлады.

Әлбетте, таза ишимлик суўы - саламатлықтың тийкары. Халқымыз оның қәдирин жақсы биледи.

 



Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети