30.10.2024, Сәршемби

ҚАНЛЫКƟЛДЕ 2021-ЖЫЛЫ 400 ГЕКТАР ЖЕР МАЙДАНҒА ЖҮЗИМ НƏЛЛЕРИН ЕГИЎ РЕЖЕЛЕСТИРИЛГЕН



Усы жылдың 5-февраль күни Қанлыкɵл районы “Арзымбетқум” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Бесқала-2” фермер хожалығында мийўели тереклер ҳəм жүзим нəллерин егиў жумыслары бойынша кɵргизбели семинар ɵткерилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары С.Хожаметов, район ҳəкими А.Ибрагимов ҳəмде районда искерлик алып барып атырған фермер ҳəм аўыл хожалығы кəрханалары басшылары қатнасты.

 Кɵргизбели семинар барысында, жүзим нəллерин жеткерип бериўши субъектлер тəрепинен, фермер хожалықларына жүзим нəллерин егиўдиң ҳəм оны жетистириўдиң агротехникасы бойынша кеңеслер, бир қатар усыныслар берилди. Усы шеңберде, “Бесқала-2” фермер хожалығы тəрепинен 3 гектар жер майданға жүзим нəллери егилди.

Мағлыўмат орнында, Қанлыкɵл районында 2021-жылы фермер ҳəм аўыл хожалығы кəрханалары тəрепинен 400 гектар жер майданға жүзим егиў режелестирилген болып, ҳəзирги ўақытта кəрханалар “Аҳоли томорқа хизмати” ЖШЖ менен жүзим нəллерин жеткерип бериў бойынша ɵз-ара шəртнамалар дүзбекте.

Қанлыкɵл районы ҳəқимлиги Мəлимлеме хызмети